Халықаралық логопедлер күни үлкен көтериңкилик пенен белгиленди

30

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде 14-ноябрь – Халықаралық логопедлер күни мүнәсибети менен байрам илажы ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған көргизбе болып өтти.

Илажда шығып сөйлегенлер логопедлер тек ғана сөйлеўдеги кемшиликлерди сапластыратуғын қәнигелер емес, соның менен бирге, баланың психологиялық жағдайын қоллап-қуўатлайтуғын, өзине болған исенимин қәлиплестиретуғын ҳәм оқыў процесиндеги табысларында әҳмийетли орынға ийе болған педагоглар екенин атап өтти.

Кеше шеңберинде арнаўлы педагогика: логопедия тәлим бағдары студентлери арасында инновациялық билимлендириў технологиялары, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, оқытыў процесинде заманагөй көргизбели қураллардан пайдаланыў сыяқлы шәртлер тийкарында таңлаў шөлкемлестирилди. Бул болса студентлердиң сабақ даўамындағы теориялық билимлерин беккемлеўге хызмет етти.

– Айтып өтиў керек, бул байрам балалар сөйлеўин раўажландырыў, билимлендириў ҳәм социаллық реабилитация тараўында пидайылық пенен хызмет етип атырған логопед қәнигелердиң мийнетин қәдирлеў, олардың жәмийеттеги орны ҳәм әҳмийетин арттырыўға хызмет етеди, – дейди НМПИ ассистент оқытыўшысы Азизбек Тәжимуратов. – Келешекте болажақ логопедлер ушын бүгинги илаж үлкен мастер-класс болды. Себеби, институтымыздың Мектепке шекемги тәрбия ҳәм дефектология кафедрасы тәрепинен тәжирийбели қәнигелер, профессор-оқытыўшылар қатнасыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги