СРИИде Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўге бағышланған илимий-изертлеў есабатының презентациясы болып өтти

47

14-ноябрь күни СРИИде Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы алдында “Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары” атамасындағы илимий-изертлеў есабатының презентациясы болып өтти.

Илажда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамының дипломатиялық миссияларының басшылары ҳәм хызметкерлери, Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орай сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, БМШ ҳәм ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбар координаторлары офислери, сондай-ақ, миллий аналитикалық ҳәм академиялық мәкемелердиң жетекши қәнигелери қатнасты.

Еслетип өтиў орынлы, есабат Орайлық Азия мәмлекетлери экспертлер жәмийетшилигиниң биргеликтеги биринши өними болды. Ол тартыслы илимий изертлеў түринде таярланған болып, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларын таллаўға бағышланған.

Онда өткен жети жыл даўамында түрли экспертлик майданларда болып өткен додалаўлардың нәтийжелери өз көринисин тапқан. Баянат жойбары усы жылдың 14-15-август күнлери Ташкент қаласында болып өткен 8-Орайлық Азия экспертлер форумында да додалаўға қойылды.

Ҳүжжет регионаллық бирге ислесиўдиң алдынғы тәжирийбесин улыўмаластырыўға қаратылған ретроспективлик таллаўды, сондай-ақ, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша усынысларды өз ишине алады.

Усынылған баянат илаж қатнасыўшылары тәрепинен жоқары баҳаланды. Өзбекстан тәрепиниң басламасы әҳмийетли ҳәм өз ўақтында алға қойылғаны айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, Тәжикстанның Өзбекстандағы елшиси Абдужаббор Раҳмонзода атап өткениндей, есап терең системаластырылған изертлеў болып, Орайлық Азияда мәмлекетлераралық бирге ислесиў раўажланыўының тарийхый басқышларын түсиниў ушын зәрүр болған кең фактологиялық материалды өз ишине алады.

Дипломат бул ҳүжжет регионаллық интеллектуаллық орталықты буннан былай да раўажландырыў ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғынына исеним билдирди. “Бундай салмақлы шығарма региондағы мәмлекетлердиң барлық тиллерине аўдарылыўы ҳәм кең китапқумарлар қатламына жетип баратуғын китапқа айланыўы керек”, – деп жуўмақлады А.Раҳмонзода.

Өз гезегинде, Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар да таярланған есабаттың әҳмийетли екенлигин атап өтти. Оның сөзлерине бола, регионаллық интеграция ҳеш қашан аңсат болған емес, ол сабыр ҳәм ўақыт талап етеди. Европа Аўқамы ушын бул 75 жыл даўам етти, Орайлық Азия болса қысқа ўақыт ишинде таң қаларлық нәтийжелерге еристи. Усы көзқарастан, дипломат Брюссель Орайлық Азияда регионаллық жақынласыў процесслерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм регион мәмлекетлери менен бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.

Улыўма алғанда, қатнасыўшылар есабат Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша өз көзқарасларын жаратыў ушын басланғыш ноқат бола алатуғын көплеген әмелий усынысларға ийе кең көлемли жумыс екенин атап өтти.

Соның менен бирге, Халықаралық суў ресурсларын басқарыў институтының регионаллық ўәкилханасының басшысы Барбара Януш-Павлетта Орайлық Азияның және де терең интеграцияға өтиўи ушын билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўге көбирек итибар қаратыўды усыныс етти. Бул, қәнигениң пикиринше, регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў ушын тийкар болатуғын жаңа әўладты тәрбиялаў имканиятын береди.

Илаж жуўмағында экспертлер регионаллық процесслер динамикасын және де терең үйрениў ҳәм бул бағдарда басылымлар таярлаў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириўден мәпдар екенин билдирди.

ӨзА