Қазақстанлылар ең көп Өзбекстанға пул жиберген – 25 млрд теӊге

2025-жыл сентябрь айында Қазақстаннан халықаралық пул өткермелери көлеми 71,6 миллиард тенгеге жетти. Август айына салыстырғанда операциялар саны 5,1 процентке өскен болса, улыўма көлем 1,6 процентке азайған.
Есабат айында қазақстанлылар ең көп пул өткермелерин Өзбекстанға жиберген – 25 млрд теӊге (барлық халықаралық операциялардың 34,9 проценти).
Сондай-ақ:
- Россияға – 20,3 млрд теӊге (28,4 процент).
- Түркияға – 11,3 млрд теӊге (15,8 процент).
- Грузияға – 4,2 млрд теӊге (5,8 процент).
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм Россияға бағдарланған пул өткермелериниң өсиўи мәмлекетлер арасындағы мийнет ҳәм шаңарақлық байланыслардың жеделлесиўи, сондай-ақ, сырт елде ўақтынша жумыс ислеп атырған пуқаралар санының көбейиўи менен байланыслы. Түркия болса туризм ҳәм бизнес тараўларындағы бирге ислесиў себепли рейтингте өз позицияларын беккемлемекте.
Сондай-ақ, Қазақстанға Өзбекстаннан пул жибериўлериниң көлеми сентябрь айында 2,6 млрд теңгени қураған.
Анализшилердиң атап өтиўинше, Қазақстан, Россия ҳәм Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме ақша ағысы валюта курсының өзгериўи ҳәм миграция ағымларына қарамастан турақлы қалмақта. Соның менен бирге, санлы пул өткермелери ҳәм онлайн-сервислерге қызығыўшылық артып бармақта – олар тез ҳәм қәўипсиз операцияларды әмелге асырыў имканиятын береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги