Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының ашылыў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Баслық Уллы Мәртебели Мырза!
Ҳүрметли Азуле Ханым!
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Сизлерди әсирлер даўамында мәдениятлар ҳәм цивилизациялар кесилиспесинде жайласқан бийтәкирар Өзбекстан жеринде қызғын қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.
Конференциямыз соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте ЮНЕСКО Бас резиденциясынан тысқарыда – ески ҳәм нәўқыран Самарқанд жеринде болып өтпекте. Бул бизге әлбетте үлкен мақтаныш бағышлайды.
Пурсаттан пайдаланып, әнжуманымызда қатнасып атырған Сербия Президенти, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Александр Вучичқа, Словакия Президенти, ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Петер Пеллегриниге, ЮНЕСКО Бас директоры Уллы Мәртебели Мырза Одри Азуле ханымға, барлық қатнасыўшы мәмлекетлердиң делегацияларына терең миннетдаршылық билдиремен.
Бундай абырайлы форумның мәмлекетимизде өткерилип атырғанын Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли, жедел реформаларға болған жоқары исениминиң айқын көриниси, деп қабыл етемиз.
Даңқлы сексен жыллық юбилейин белгилеп атырған ЮНЕСКО өткен дәўир даўамында билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, мәлимлеме тараўында глобал бирге ислесиў, өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик бағдарында дүньядағы абырайлы институт сыпатында өзин көрсетип келмекте.
Шөлкемимиздиң дүнья халықларының миллий өзлигин сақлаў, мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў, түрли динлер арасында тығыз қарым-қатнасты күшейтиўдеги орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта.
Әнжуманымыздың адамзаттың тарийхый жылнамасына гуманистлик идеялар, бийбаҳа билимлер, цивилизациялараралық қарым-қатнас орайы сыпатында кирген Самарқанд қаласында өткерилип атырғанында терең рәмзий мәни бар.
Бул әййемги кент әзелден адамзаттың уллы ойлап табыўлары бесиги, илим, әдебият ҳәм мәденият гүллеп-жаснаған орын болған. Бир ғана мысал. Уллы ҳүкимдар ҳәм ойшыл Мырза Улығбек қурдырған обсерватория гүмбезлери астында сийрек ушырасатуғын жулдызлар кестеси жаратылған. Бул кесте кейин ала Коперник ҳәм Кеплер сыяқлы белгили илимпазлардың илимий ашылыўына хызмет еткени тарийхтан жақсы белгили.
Үш мың жыллық даңқлы өтмишке ийе, Уллы жипек жолының дүрданасы болған, миллетлер ҳәм халықлардың тынышлық ҳәм дослық мәканы болған саўлатлы Самарқандқа хош келдиңиз!
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Жеделлик пенен өзгерип атырған дүньяда гуманитар тараўда глобал консенсус ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў механизмлериниң ҳәлсиреп атырғаны, әлбетте, бәршемизде үлкен тәшўиш оятпақта.
Геосиясий кескинлик ҳәм әскерий келиспеўшиликлер тәсиринде планетамыздағы сийрек ушырасатуғын естеликлер, муқаддес зыярат етиў орынлары ҳәм бийбаҳа мәдений мийрас үлкен зыян көрмекте.
Мәмлекетлер арасында билим ҳәм технологиялар, санлы ресурслардан пайдаланыў бойынша айырмашылық артып бармақта. Буның нәтийжесинде имканиятлар теңсизлиги ҳәм кәмбағаллық күшеймекте. Бундай қыйын жағдай ЮНЕСКОның тийкарғы ўазыйпаларын толық әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлеримизди ҳәр қашанғыдан да көбирек бирлестириўди талап етпекте.
Биз ЮНЕСКОның уллы ҳәм ийгиликли мақсетлерине қатаң садық екенимизди және бир мәрте атап өтемиз. Өзбекстан Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасында татыўлық көпири, ҳәмме ушын ашық ҳәм конструктивлик бирге ислесиў майданы болыўға бәрқулла таяр.
Өзбекстан ЮНЕСКОның тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында кейинги жылларда өз-ара бирге ислесиўди жаңа сапа басқышына көтериў ушын избе-из ҳәрекет етпекте. Соның ишинде, 2027-жылға шекемги бес жыллық бирге ислесиў бағдарламасы нәтийжели әмелге асырылмақта. Уллы ата-бабаларымыз – Әбиў Райхан Беруний, Аҳмад Ферғаний, Әмир Темур, Әлий Қусшы, Камаладдин Беҳзодтың юбилейлери, Хорезм Мамун академиясы сыяқлы илимий дәргайлар, “Алпамыс” эпосы сыяқлы әдебий естеликлердиң тарийхый сәнелери халықаралық көлемде кеңнен белгиленди.
Пүткил жер жүзилик мийрас дизимине кирген Хийўа, Бухара, Шаҳрисабз ҳәм Самарқанд қалаларының қатарына Зарафшан-Қарақум коридоры бойлап жайласқан бийбаҳа естеликлер де қосылды. Бул дизимнен орын алған Батыс Тяньшань ҳәм Туран шөллериниң тәбийғый аймақлары да регионымыздың бийбаҳа биологиялық ҳәр түрлилигин айқын көрсетеди.
Буннан тысқары, “Шашмақом,” “Катта ашула,” “Ләзги” аяқ ойыны, аския, гүлалшылық ҳәм нағыс ойыўшылық көркем өнерлери, Наўрыз байрамы, атлас ҳәм адрас ислеп шығарыў дәстүри сыяқлы жигирмаға шамалас материаллық емес мийрас үлгилерин дүнья халықлары мүнәсип тән алмақта.
ЮНЕСКО қәўендерлигинде “Шарқ тароналари,” “Мақом көркем өнери,” Бақсышылық, Өнерментшилик, Этноспорт фестивальлары турақлы өткерип келинбекте.
Өзбекстанның басламасы менен “Хийўа процеси: Орайлық Азияда халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў” резолюциясы, (2021-жыл), “Киши жастағы балаларға ғамхорлық етиў ҳәм билим бериў бойынша Ташкент декларациясы” және “Халықаралық мәлимлемеден еркин пайдаланыў күни мүнәсибети менен Ташкент декларациясы” (2023-жыл) сыяқлы әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.
Республикамызда ЮНЕСКОның 8 кафедрасы, 24 бирге ислесиўши мектеби жумыс алып бармақта. Ташкент ҳәм Ферғана ЮНЕСКОның билимлендириў қалалары Глобал тармағына киргизилди. Сондай-ақ, жүзлеген мәдений мийрас объектлери алдынғы технология ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында реставрацияланды.
Ҳүрметли дослар!
Самарқандтағы Бас конференция шеңберинде елимизде бир қатар қосымша илажлар өткериледи. Соның ишинде, ески Бухарада биринши мәрте заманагөй көркем өнер биенналеси өткерилмекте, пайтахтымызда ЮНЕСКО қәўендерлигинде Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў регионаллық орайы ашылады, Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығының лауреатларын сыйлықлаймыз, музейлер жумысында жасалма интеллекттиң орны ҳәм әҳмийетине бағышланған халықаралық әнжуман шөлкемлестирилмекте, жоқары билимлендириў тараўындағы квалификацияларды тән алыўға байланыслы Глобал конвенцияға да қосыламыз.
Басламаларымызды толық қоллап-қуўатлап, халықаралық илажларымызда белсене қатнасып киятырғаны ушын барлық ағза мәмлекетлерге айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз мийманлар!
ЮНЕСКОның глобал мақсетлерине ерисиў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўимизди жаңа басқышқа алып шығыўды дәўирдиң өзи талап етпекте.
Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер бойынша бир қатар усынысларды алға қоймақшыман.
Бириншиден, инклюзив билимлендириўди раўажландырыў ҳәм тараўда жасалма интеллект технологияларын кеңнен қолланыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасына айланбақта.
Физикалық ҳәм социаллық өзгешеликлерине қарамастан, ҳәр бир балаға билим алыўы ушын теңдей имканиятлар жаратып бериў жүдә әҳмийетли. Бул бағдарда ЮНЕСКОның айрықша жәрдемге мүтәж балалар ушын Инклюзив билимлендириўди раўажландырыў платформасын енгизиў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.
Билимлендириў тараўында өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын халықаралық сөйлесиў форматын жаратыў мақсетинде Жәҳән профессионал билимлендириў саммитин өткериў бойынша режемизди қоллап-қуўатлайтуғыныңызға исенемиз.
Мәлимлеме технологияларын пуқта өзлестирген ҳәм креатив пикирлейтуғын жаңа әўладты тәрбиялаў тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады. Жасалма интеллектти билимлендириў системасына кеңнен енгизиў мақсетинде елимизде ЮНЕСКО қатнасыўында “Жасалма интеллект – мектеп” үлги жойбарын әмелге асырыўға таярмыз.
Сондай-ақ, ЮНЕСКО қәўендерлигинде барлық континентлердиң жетекши жоқары оқыў орынлары, педагогика ҳәм илимий-изертлеў институтлары ўәкиллериниң қатнасыўында Жасалма интеллект этикасы бойынша халықаралық экспертлер конференциясын өткериўди усыныс етемиз.
Екиншиден, инсанияттың бийбаҳа ғәзийнеси болған жәҳән материаллық емес мәдений мийрасын сақлап қалыў ушын биргеликтеги ҳәрекетлерди күшейтиўимиз зәрүр.
Бундай бийбаҳа мийрас объектлери болған халық аўызеки дөретиўшилиги, қолжазбалар, архивлер ҳәм баҳалы тарийхый ҳүжжетлер, мәдений мағлыўматларды сақлаў, олардың ҳәмме ушын ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде жаратылған ЮНЕСКОның “Жәҳән естелиги” бағдарламасын раўажландырыўдан мәпдармыз.
Дүньяның руўхый ғәзийнесин жәмлеген бул бағдарламаның жаратылған сәнесин ҳәр жылы белгилеў мақсетинде 19-ноябрьди “Ҳүжжетли мийрас халықаралық күни,” деп жәриялаўды, сондай-ақ, ЮНЕСКО структурасына киретуғын Санлы мийрас бойынша халықаралық институтты шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Бизге белгили, әййемги Бухара өнерментшилик бойынша ЮНЕСКО Дөретиўши қалалар тармағының ағзасы есапланады. Биз бул қалада 2027-жылы усы бағдарда халықаралық конгрессти қабыл етиўге таярмыз.
Үшиншиден, ҳаял-қызлардың жетекшилик қәбилети ҳәм компетенциясын тәмийинлеў ушын глобал бағдарламаларды жедел иске қосыў, әсиресе, айрықша әҳмийетке ийе.
ЮНЕСКО статистика институтының мағлыўматларына бола, дүньяда илимий ҳәм мәдений мәкемелер басшыларының 25 проценти, билимлендириў тараўы басқарыўшыларының 30 проценти, изертлеўшилердиң 33 проценти ҳаял-қызлар болып есапланады. Бул болса ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеўде, тилекке қарсы, теңсизлик елеге шекем сақланып атырғанын тастыйықлайды.
Гендер теңлиги ЮНЕСКОның фундаментал, тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып, Шөлкемниң барлық басламалары оған интеграцияланыўы зәрүр екенлиги белгилеп қойылған. Бул бағдарда ағза мәмлекетлердиң ең алдынғы тәжирийбе ҳәм әмелиятын үйрениў, билимлер алмасыў мақсетинде Ҳаял-қызлар жетекшилиги бойынша ЮНЕСКО академиясын шөлкемлестириў ўақты келди, деп есаплаймыз. Сондай-ақ, Самарқандта барлық континентлердиң белгили изертлеўшилери, көркем өнер ғайраткерлери, педагог ҳәм ойлап табыўшы ҳаял-қызлардың Билимлендириў, мәденият ҳәм илим тараўындағы глобал форумын өткериўди усыныс етемиз.
Төртиншиден, климат дағдарысына қарсы биргеликте нәтийжели гүресиў де әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Орташа температураның сезилерли дәрежеде көтерилиўи, музлықлардың ериўи, шөллениў, топырақ қатламларының жемирилиўи, урбанизация процесслери мәдений мийрас объектлериниң жағдайына айрықша тәсир етпекте.
Қоршаған орталыққа жуўапкершилик пенен қатнас жасап атырған, “жасыл” бағдарламаларды табыслы енгизип атырған қалаларды айрықша тән алыў ҳәм хошаметлеў бойынша “ЮНЕСКОның Экологиялық пайтахты” глобал басламасын алға қоямыз. Буннан тысқары, ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң “Глобалласыў ҳәм климат өзгерислери шараятында мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў бойынша илажларды күшейтиў ҳаққында”ғы резолюциясын ислеп шығыў тәрепдарымыз. Бул мәселе бойынша Хийўа қаласында халықаралық симпозиум өткериўге таярмыз.
Бесиншиден, виртуал мәканда қалыс емес мәлимлемелерди тарқатыў, жәмийетлик пикирди шалғытыў, дискриминацияға қарсы биргеликте нәтийжели илажлар көриў айрықша зәрүрликке айланбақта.
Санлы трансформация орталығында дүньяқарасы қәлиплесип атырған жас әўладтың ең жақсы дөретиўшилик жумыслары, мультимедиа идеяларын өз-ара алмасыў ушын Балалар мәдений контентиниң халықаралық фестивалын өткериў басламасын билдиремиз.
Мағлыўматларды аналитикалық түсиниў, жасларды манипуляциядан қорғаў, мәлимлеме ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде ЮНЕСКОның Медиа саўатлылығын раўажландырыў бойынша кең көлемли стратегиясын ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Және бир мәселе. Дүньяда динлераралық қарама-қарсылықлар барған сайын күшейип атырған ҳәзирги шараятта кеңпейиллик, өз-ара түсинисиў ҳәм татыўлық сыяқлы улыўма инсаныйлық идеяларды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Ислам мәденияты ҳәм ағартыўшылығын дүньяға танытыў арқалы радикализм ҳәм исломофобияға қарсы нәтийжели гүресиў мүмкин. Бул бағдарда Өзбекстанда әмелге асырылған сийрек ушырасатуғын жойбарлар – Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий, Баҳауддин Нақшбанд изертлеў орайларының потенциалынан биргеликте пайдаланыўға шақырамыз.
Қәдирли дослар!
Бүгинги әнжуман бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў, өз-ара исеним орталығын беккемлеў, турақлы раўажланыў бойынша глобал бирге ислесиў механизмлерин күшейтиў бағдарында үлкен әмелий қәдем болатуғынына исенемен.
ЮНЕСКОның мәңги дәстүр ҳәм қәдириятларынан күш алып атырған “Самарқанд руўхы” бизди улыўма раўажланыў жолында және де бирлесиўге ийтермелейтуғыны сөзсиз.
Бул ийгиликли жолда бәршеңизге жаңа әўмет ҳәм табыслар, ЮНЕСКО сессиясының жумысына болса табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын үлкен рахмет.
ӨзА