Кәсиплик аўқамларының еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараятлар жаратып берилгени үлкен әҳмийетке ийе

77

“Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти толық сапластырыў узақ жыллар биз ушын ең аўыр мәселе болып келген еди. Тек ғана күшли ерк-ықрар, қатаң позициямыз арқалы биз бул қыйын машқаланы унамлы шештик.” – деди Президент.

Өзбекстанның балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша алдыңғы тәжирийбеси Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен үлги сыпатында басқа мәмлекетлерге усыныс етилгени де соннан дерек береди.

Өзбек пахтасы дүньядағы көплеген абырайлы бренд компаниялардың “қара дизими”нен шығарылды. “Cotton campaign” шөлкеми Өзбекстанға қойылған қадаған етиўди пүткиллей бийкарлады.

Өзбекстан санаўлы мәмлекетлер қатарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң “Әдил өтиў процесслери ушын жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў бойынша глобаллық акселератор” басламасында қатнаспақта, Халықаралық мийнет шөлкеминиң “Социаллық әдиллик бойынша глобаллық коалиция”да қатнаспақта, мәмлекетимиз өткен жылы усы шөлкемниң Ҳәкимшилик Кеңесиниң ағзалығына сайланды.

“Ҳеш гүмансыз, биз ерисип атырған нәтийжелерде 8 миллионға шамалас ағзаға ийе, ең халықшыл ҳәм үлкен мәмлекетлик емес шөлкем болған кәсиплик аўқамларының мүнәсип үлеси бар.

Биз Өзбекстанда кәсиплик аўқамларының еркин жумыс алып барыўы ушын барлық шараятларды жаратып бердик ҳәм мине усы принциплерге ҳәмийше садықпыз. Буннан былай да кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықын тәмийинлеў, олардың жумысына араласпаў бойынша сиясатты қатаң даўам еттиремиз.” – деди Президент.

ӨзА