БМШ Бас Ассамблеясы шеңберинде «Замин» фонды менен биргеликте арнаўлы илаж өткерилди

84

Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясының жоқары дәрежедеги  ҳәптелиги шеңберинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, St.Jude балалар изертлеў емлеўханасы ҳәм «Замин» фонды менен биргеликте «Рак ҳәм басқа өмир ушын қәўипли кеселликлерге шатылған балалардың өмирин узайтыў ҳәм азап-ақыбетлерин азайтыў бойынша глобал ҳәрекет» темасында илаж өткерди. Онда Зироат Мирзиёева қатнасты.

“Замин” фонды Қәўендерлик кеңесиниң баслығы қатнасыўшыларға мүрәжат етип, былай деди: “Ҳәзирги ўақытта дүнья бойлап еки миллиардтан аслам балалар жуқпалы болмаған кеселликлер қәўпи астында ямаса олардан азап шегип атыр. Бул – планетамыз халқының дерлик үштен бир бөлеги дегени. Миллионлаған балалар рак кеселлигине қарсы гүреспекте. Заманагөй медицина жетискенликлерине қарамастан, өмир сүриў дәрежеси түрли регионларда кескин парықланады: раўажланған мәмлекетлерде бул көрсеткиш 80 проценттен жоқары болса, раўажланып атырған мәмлекетлерде 30 проценттен де төмен. Бундай айырмашылыққа пүткиллей жол қойып болмайтуғын жағдай. Бундай апатшылықлардың алдын алыў ушын илаж көриўимиз зәрүр.”

Илажда Түркия, Әзербайжан, Ангола, Вьетнам, Гватемала, Сербия биринши ханымлары, Ливан Бас министриниң өмирлик жолдасы; ЖДСШ бас директоры, ЭКОСОС президенти, “Сент Жуд” балалар изертлеў емлеўханасының президенти, Түркия, Ангола, Армения, Бангладеш, Мозамбик, Доминикана Республикасы, Нигерия, Қазақстан, Қатар, Конго Республикасы, Қырғызстан, Мальта, Монголия, БАӘ, Перу, Тәжиктсан, Тимор-Лесте, Тувалу, Чад, Ямайка денсаўлықты сақлаў министрлери, Венгрия, Индонезия, Россия, Танзания денсаўлықты сақлаў структураларының басшылары, халықаралық шөлкемлер, экспертлер жәмийети ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери, аўыр кеселликлерге шатылған  балалар қатнасты. Олар арасында «Меҳирли мектеп» мектебиниң жас питкериўшиси ҳәм волонтёры  Самира Идрисова өзиниң  өмири ҳаққында  шын кеўилден айтып берди. Қатнасыўшылар әдил, интеграцияласқан ҳәм жергиликли ресурсларға тийкарланған денсаўлықты сақлаў системаларын раўажландырыў арқалы 2030-жылға шекем рак кеселлигине шалынған балалардың өмир сүриў көрсеткишин 60 процентке жеткериў бағдарындағы исенимли умтылысларын тастыйықлады. Сондай-ақ, балаларда рак кеселликлерин емлеўдеги жетискенликлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм орақ тәризли клеткалы анемияға қарсы глобал басламаны әмелге асырыў мәселелерин додалады.

ӨзА