Шавкат Мирзиёев БМШ Бас ассамблеясы минберинен бесинши мәрте шығып сөйлейди

75

Өзбекстан Республикасы Президенти Нью-Йоркта БМШ Бас ассамблеясының 80-сессиясында қатнасады.

“Биргеликте жақсырақ: тынышлық, раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары ушын 80 жыл ҳәм және де көбирек” сүрени астында өтетуғын юбилей әнжуманы шеңберинде дүнья жетекшилери глобал машқалалар шараятында анық позиция ҳәм тийкарғы бағдарлар сәўлеленген билдириўлер менен шығады.

Дәстүрий улыўма дискуссия 23-27 ҳәм 29-сентябрь күнлери болып өтеди. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң шығып сөйлеўи 23-сентябрьге белгиленген. Өзбекстан жетекшиси БМШ Бас ассамблеясы сессияларында турақлы түрде шығып сөйлейди. Президентимиздиң 72, 75, 76 ҳәм 78-сессиялардағы шығып сөйлеген сөзлери регионаллық қәўипсизлик, климат өзгериўине қарсы гүресиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли сиясий билдириўлерге айланған.

2018-2025-жыллар аралығында мәмлекетимиз Бас Ассамблеяның 13 резолюциясының басламашысы сыпатында ортаға шықты:

– Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў (2018-жыл);

– Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технология аймағы, деп жәриялаў (2021);

– Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў (2022);

– Тоғайларды өсириў ҳәм қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы (2025).

ӨзА