Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Футбол бойынша он жети жасқа шекемги Өзбекстан сайланды командасы ағзаларына қутлықлаўы

Әзиз перзентлерим!
Он жети жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Саудия Арабстаны майданларында болып өткен абырайлы жарыста табыслы қатнасып, жоқары сыйлық – Азия кубогин қолға киргизгениңиз бенен халқымыздың атынан, өз атымнан шын жүректен қызғын қутлықлайман.
Сизлер сыяқлы нәўқыран, ерк-ықрарлы жасларымыздың пүткил турнир даўамында бир де жеңилиске ушырамастан, рекорд нәтийже көрсетип, жанажан Ўатанымыздың абырайын мәртлик пенен қорғағаны, әлбетте, миллий футболымыздың тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын даңқлы ўақыя, десек, дурыс болады.
Әсиресе, финалда жарыс өткерген – Саудия Арабстаны сыяқлы оғада күшли командаға қарсы кескин жарыста түрли басымларға қарамастан, он бир ойыншыға қарсы тоғыз футболшы күшли гүрес алып барғаныңыз шын мәнисте мартликтиң үлгиси болды. Сизлер көрсеткен жоқары мәртлик ҳәм шеберлик ҳәр қандай мақтаўға ылайық болып есапланады.
Жарыстың жуўмағына бола, үш талантлы ҳәм шебер спортшымыз жеке тәртиптеги сыйлықлар ийеси болғаны, соның ишинде, Неъматуллоҳ Рустамжонов – турнирдиң ең жақсы дәрўазаманы, Асилбек Алиев – ең жақсы ҳүжимши, Садриддин Ҳасанов – ең жақсы футболшысы сыпатында атап өтилгенин де айрықша атап өтиў зәрүр.
Елимиз сизлердиң тымсалыңызда бәрқулла алға умтылып жасайтуғын, жоқары шеклерге жетиўге уқыплы Жаңа Өзбекстан жасларының ең жарқын ўәкиллерин көреди ҳәм сизлер менен ҳақылы түрде мақтанады.
Мәмлекетимизде спортқа, соның ишинде, футболдың раўажланыўына берилип атырған жоқары итибардың және бир әмелий нәтийжеси болған мине, усындай тарийхый жеңис ушын сизлерге, сизлерди тәрбиялап өсирген ата-аналарыңыз ҳәм устаз-тренерлериңизге шын жүректен қызғын миннетдаршылық билдиремен.
Сизлер усы жеңистен руўхланып, быйыл ноябрь айында Қатарда болып өтетуғын жәҳән чемпионатында да Азияның жеңимпаз командасы сыпатында мүнәсип қатнасасыз, деп исенемен.
Бахыт ҳәм жеңис сизлерге бәрқулла яр болсын, әзиз перзентлерим!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти