Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Күн тәртибине киргизилген мәселелер дәслеп сиясий партиялар фракцияларының, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының, комитетлер ҳәм олардың жанында жумыс алып барып атырған эксперт топарларының мәжилислеринде додаланған еди.

Әмелдеги нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын сын көз қарастан анализлеў, пуқараларды тәшўишлендирип атырған әҳмийетли машқалаларды үйрениў мақсетинде мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы мәлимлемени усыныўдың заманагөй түрлерин енгизиў сыяқлы мәселелер стратегиялық раўажланыўдың баслы бағдарлары етип белгиленди.

Атап айтқанда, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда көрип шығылды.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жумысшы топар дүзилип, оның қурамына сиясий партиялардың фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының депутатлары, министрликлер ҳәм ведомстволардың, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, әмелиятшы қәнигелер, илимпазлар киргизилди.

Сондай-ақ, кеңнен додалаў мақсетинде усы нызам жойбары Нызамшылық палатасының «www.parliament.gov.uz.» веб-сайтына жайластырылды. Мәжилисте атап өтилгениндей, додалаў жуўмақларына муўапық келип түскен усыныслардың көпшилик бөлеги нызам жойбарын жетилистириўде есапқа алынды.

Шет ел тәжирийбесинен келип шыға отырып, ҒХҚда дүрким басылымның халықаралық стандарт номери «ISSN» болыўы кереклиги ҳаққындағы талапты шығарып таслаў усыныс етилди.

Усы нызамның қабыл етилиўи, депутатлардың айтып өткениндей, ҒХҚ жумысы еркинлигиниң, мәлимлемеден пайдаланыўының, мүлк ҳуқықының, оны қорғаўдың мәмлекетлик кепиллигин белгилеўге, сондай-ақ, мәлимлемени үйрениў, оны жеткерип бериў, оннан пайдаланыў ҳәм сақлаўға байланыслы өз жумысын әмелге асырыў бойынша қосымша ҳуқықларды тәмийинлеўге хызмет етеди.

Буннан соң мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўында журналистлердиң абыройын арттырыўға бағдарланған «Журналистлик жумысты қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.

Бул нызам жойбары Германия, Уллы Британия, Австрия, АҚШ, Россия, Латвия, Украина, Беларусь, Қазақстан, Әзербайжан сыяқлы раўажланған демократиялық еллердиң тәжирийбесин ҳәм журналистлик жумысты қорғаў тараўындағы халықаралық шәртнамаларды есапқа ала отырып, ислеп шығылған.

Екинши оқыўға таярлаў даўамында усы нызам жойбары мәпдар мәмлекетлик ведомстволар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери, сондай-ақ, тараў илимпазлары ҳәм қәнигелери менен де додаланды. Бул процессте нызам жойбарын жетилистириў бойынша анық усыныслар билдирилди.

Буннан соң депутатлар физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын талқылаў нәтийжелерине муўапық Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шығыўға киристи.

Нызам жойбарында пуқаралардың мийнет етиў ҳәм еркин жумыс таңлаў ҳуқықларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде шахсты оның бурын судланғанлығы себепли жумысқа қабыл етиўди бийкар етиўге (нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди) шек қойыў ушын өзгерис ҳәм қосымша киргизиў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде Мийнет ҳәм социаллық мәселелер комитетиниң жумысшы ҳәм эксперт топары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың хызметкерлери, мәпдар шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, усы тараў илимпазлары ҳәм қәнигелериниң катнасыўында додалаўлар өткерилди.

Барлық сиясий партиялардың фракциялары ҳәм Экоҳәрекет депутатлық топары усыныс етилип атырған бул өзгерислер менен қосымшалар мәмлекетлик хызметке инталы, билимли, умтылыўшаң кадрларды тартыўға, пуқаралардың мийнет етиў ҳәм еркин жумыс таңлаў ҳуқықларының әмелге асырылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди, деген бирден-бир пикирге келди.

Соңынан депутатлар «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 356-статьясына қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты. Бул ҳүжжет электрон коммерциялық инфраструктураны енгизиўди ҳәм туристлик хызметлерди онлайн-бронластырыў ҳәм Интернет арқалы туристлик өнимлерди сатыў бойынша хызмет көрсетиўши туристлик жумыс субъектлери санының көбейиўин хошаметлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Усынылып атырған нызам жойбары ғалабалық додалаў ушын Өзбекстан Республикасының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин додалаў бойынша «www.regulation.gov.uz.» порталына жайластырылған.

Нызам жойбарын таярлаўда Россия, Беларусь ҳәм Грузияның тәжирийбеси үйренилди. Бул еллерде туризм тараўы ушын салық жеңилликлери бар.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызамның қабыл етилиўи тараўда, атап айтқанда, мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгизиў арқалы көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы менен оперативлигин арттырыўға, сондай-ақ, туристлик хызметлердиң баҳасын төменлетиўге, оларды диверсификациялаўға және модернизациялаўға, бәсекини күшейтиўге хызмет етеди.

Мәжилис жуўмағына бола барлық көрип шығылған нызам жойбарлары қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте парламентлик Нызамшылық палатасы ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық

палатасының Мәлимлеме хызмети