Ҳүкиметимиз тәрепинен республикамызда исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары негизинде, Қанлыкөл районының «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында заманагөй пластик  айна ҳәм есиклер ислеп шығарыўшы кәрхана өз жумысын баслады.

«Қурылыс Инвест Қанлыкөл» жеке меншик кәрханасы тәрепинен алдын пайдаланбай, қараўсыз қалған имарат тийисли Ҳүкиметимиз қарары негизинде «ноль» баҳада алынып, жәми 844 млн сўмлық инвестиция киритилди.

Бүгинги күнде Наргиз Дошымбетова басшылық етип атырған бул кәрханада жәми 5 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, район халқына заманагөй пластик айна ҳәм есиклер исленбекте.

Буннан тысқары, кәрхана жанынан монша қурылып, аймақ турғынларына хызмет көрсетпекте.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги