Қарақалпақстан Республикасы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси қәнигелери тәрепинен Хожели районындағы үш фермер хожалығына келтирилген 87  миллион 827,7 мың сум зыян өндирип берилди.

Өткен жылдың февраль айында Хожели районындағы «Жаңабай-Жәўлан», «Қамыс шалы Хожели» ҳәм «Сайдбек Хожели» фермер хожалықлары баслықларынан  өзлерине тийисли болған егислик жерлери аймағынан автомагистраль жол қурылысының басланыўына байланыслы бағдағы мийўе ағашларының ҳәм саяманлы тереклердиң  алып тасланыўы бойынша келтирилген зыянды өндирип бериўге әмелий жәрдем сорап жазған арзасы келип түсти.

Кеңестиң шәртнамалық-ҳуқықый мәселелер бойынша бас қәнигеси тәрепинен  бул арза тийисли тәртипте үйренип шығылғанда, Хожели районы ҳәкиминиң 2016-жыл 17-сентябрьдеги қарарына, «Қарақалпақстан ғәрезсиз баҳалаў» ЖШЖ мағлыўматына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компания»сы тәрепинен райондағы «Қамыс шалы Хожели» фермер хожалығына 42 553 590 сум, «Жаңабай-Жәўлан» фермер хожалығына 30 827 817 сум, «Сайдбек Хожели» фермер хожалығына 14 446 301 сум, жәми  87  миллион 827,7 мың зыян келтирилгени мәлим болды. Нәтийжеде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2009-жыл 22-апрельдеги  «2009-2014-жылларда Өзбек миллий автомагистральларын қайта реконструкциялаў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына, Өзбекистан Республикасы «Жер Кодекси»ниң 6, 20, 23, 37, 86, 87-статьяларына, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 25-майдағы «Қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ҳәм аўыл хожалығына байланыслы болмаған басқа да зәрүрликлер ушын жер участкаларын бериў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, Өзбекистан Республикасының «Фермер хожалықлары ҳаққында»ғы Нызамының  19-статьясына муўапық Нөкис районлар аралық экономикалық судына 2017-жыл 25-февраль күни бурынғы Қарақалпақстан Фермерлер кеңеси тәрепинен даўа арза киргизилди. Бул даўа арза 2017-жыл 12-апрель күнги суд мәжилисинде көрип шығылып, «Қамыс шалы Хожели» фермер хожалығының пайдасына 42 553 590 сум, «Жаңабай жәўлан» фермер хожалығының пайдасына 30 827 817 сум зыянды өндириў бойынша шешиўши қарар шығарылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы»ның Хожели районы ҳәкиминиң 2016-жыл 17-сентябрьдеги қарарын бийкарлаўды сорап Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судына жазған даўа арзасы қанаатландырарсыз қалдырылып, фермерлердиң пайдасына шешилди.

-Аймағымыздан автомагистраль жол түсиўине байланыслы бузылған бағ ҳәм тереклерге келтирилген зыян «Қарақалпақстан ғәрезсиз баҳалаў» ЖШЖ тәрепинен 30 827 817 сум деп баҳалап берилсе де, оны өндире алмай әўере сарсаң болып келдик,-дейди «Жаңабай-Жәўлан» фермер хожалығының  баслығы Айбек Жаңабаев.-Ақыры Қарақалпақстан Республикасы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине арза менен мүрәжат еттик. Қәнигелердиң бизиң арымызды арлап, жырымызды жырлап еткен мийнетиниң арқасында тийисли пулларымыз өндирип берилди. Бул ушын Кеңес жәмәәтине миннетдаршылық билдиремиз.

-Өткен жыл даўамында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықый мәплерин қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң шәртнамалық-ҳуқықый мәселелер бойынша бас қәнигеси Зийнатдин Нуратдинов.                                                                                                                                                                                                                                                                                                                                    -Атап айтқанда,  өткен жылы олардың ҳуқықый мәплерин қорғап судларға 11 миллиард 780,3 миллион сумлық 247 даўа арза киргизилген болса, соннан 11 миллиард 680 миллион сумлық 241 даўа арза фермерлердиң пайдасына шешилди. Ал, қалған 100 миллион сумлық 6 даўа арза бүгинги күни суд тәрепинен көрип шығылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.