2018-жыл 1-январьдан баслап республикамыздың барлық халықаралық аэропортларында бажыхана шегаралары арқалы өтиў пунктлеринде еки өткелли тәртип әмелиятқа ендирилди.

Бул өткеллер пуқараларды, әсиресе, елимизге келип атырған туристлердиң бажыхана рәсмийлестирилиўинен өтиў процесин еле де тезлестириў ҳәм әпиўайыластырыў мүмкиншилигин береди.

Енди жолаўшылар аэропортта бажыхана постынан өтерде товарларды декларациялаў мақсетинде усы өткеллердиң бирин еркин түрде таңлайды.

 

«ЖАСЫЛ ӨТКЕЛ» ДЕГЕН НЕ?

– Физикалық шахслар коммерциялық емес мақсетлердеги қол жүгин ҳәм товарларын «жасыл өткел»ден декларация толтырмай-ақ алып өтиўи мүмкин.

Яғный, физикалық шахстың оннан өтиўи онда декларацияланатуғын товардың ҳәм белгиленген нормадан артық нақ валюталардың жоқ екенлигин мәлим етиў сыпатында қаралады. Бул физикалық шахсты бажыхана нызамшылығы талапларына әмел етиў миннетлемесинен азат етпейди.

Егер «жасыл өткел»ден өтип атырған физикалық шахс қадаған етилген яки белгиленген нормалардан артық товарды ямаса нақ шет ел валюталарын алып өтип атырғанлықта гүман етилсе, бул шахсқа да бажыхана қадағалаўының түрлери қолланылады. Яғный, физикалық шахстың тийисли бажыхана нызамшылығын бузғаны анықланса, онда ол бажыхана нызамшылығына муўапық жуўапкершиликке тартылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының аға инспекторы, бажыхана хызмети аға лейтенанты Ж.Сапарбаев.

Ал, «қызыл өткел»де бажыхана уйымлары бажыхана қадағалаўының тийисли ҳәм зәрүр түрлерин қолланады.

Егер физикалық шахслар өндирислик яки коммерциялық мақсетлер ушын белгиленген товарларды бажыхана шегарасы арқалы алып өтип атырған болса, бул товарларға да бажыхана рәсмийлестириўиниң нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртиплери қолланылады.

Егер сиз бул тәртиплерден хабардар болмасаңыз, артықша қәўетерге орын жоқ. Себеби, өткелде оны саналы түрде таңлаў имканын беретуғын мәлимлеме аймақлары шөлкемлестирилген.

Егер сизде республикамыздың халықаралық аэропортларында әмелиятқа ендирилип атырған өзгерислер бойынша қосымша сораўлар болса, онда Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң (0371) 120-76-33 ҳәм ҚР Бажыхана басқармасының (0361) 224-02-68 исеним телефонларына қоңыраў етиўиңиз, сондай-ақ, info@customs.uz электрон мәнзилине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги