Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының исеним телефонына Нөкис қаласы, 21-киши районында жасаўшы Т.Ж. мүрәжат етеди. Ол «Қырық қыз» саўда орайының оңлаў ҳәм хызмет көрсетиў бөлимине кир жуўыў машинасын тапсырғанын, бирақ еки жылдан берли машинасын қайтарып ала алмай атырғанын айтады.

Бул бойынша Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен тексериў жумыслары алып барылып, тутыныўшының кир жуўыў машинасының бузылған бөлеги усы саўда орайында жоқ екенлиги, оған буйыртпа берилгенлиги ҳәм февраль айында жаңасы орнатылып тутыныўшының талабы толығы менен орынланатуғынлығы анықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)