Қыс күнлери ҳәр биримиз ыссы кийимлер кийгимиз келеди, әлбетте. Сатыўшы қанша баҳасын көтерсе де, еплеп келисемиз. Бирақ, сатып алыў пайытында көбинесе қызыққанымыздан оның сапасына итибарсыз болып қала беремиз.

Мәселен, жақында Қоңырат районында жасаўшы Гүлбәҳәр апа Хожели районындағы базардан орамал сатып алады. Усы 350 мың сумға сатып алған орамалын үйине алып барса, оның нуқсанлы екенлиги белгили болады. Сатыўшыға қайтарып алып барғанында, ол оны алмастырып бермейди.

Буннан наразы болған тутыныўшы Хожели районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди. Жәмийет хызметкерлери тәрепинен бул арза үйренип шығылып, тутыныўшының пулы қайтарып берилди. Буннан басқа тутыныўшының жол кирей ушын жумсаған пуллары да есапланып қапланды ҳәм оған сатыўшының есабынан 280 мың сум алып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)