Жақында пуқараларымыздың бири Хожели районы Орайлық базары жанындағы турмыслық дүканынан 5 миллион 100 мың сумға телевизор сатып алады. Тексерип көреди. Жақсы. Бирақ, оны үйине алып барса, дүканда көрсетип турғанындай емес болып шығады. Сатыўшы алдағанын биледи. Тутыныўшы наразы болып, сатыўшыдан басқасына алмастырып бериўин сорайды. Сатыўшы болса, тутыныўшының өзин айыплап, алмастырып бермейди.

Усы себепли тутыныўшы М.Ж. районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине қоңыраў етип, мәселени шешип бериўин сорайды. Нәтийжеде жәмийет хызметкерлери келип, сол телевизорды басқасына алмастырып берди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)