Ҳәзирги ўақытта қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, экология мәселелери күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бири сыпатында қаралмақта.

Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен өткен жыл даўамында аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбиятты қорғаў, тәбийғый ресурслардан дурыс пайдаланыў, сондай-ақ, хожалық жүргизиўши субъектлерде тексериў жумысларын шөлкемлестириўди тәртипке салыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Қадағалаўшы уйымлардың жумысларын муўапықластырыўшы республикалық Кеңесте 2017-жыл ушын келисилген реже-кесте бойынша 7 хожалық жүргизиўши субъектте режели тексериў өткерилген.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Т.Хожаназаровтың мағлыўматларына қарағанда, 2 кәрханада қадағалаў тәртибиндеги, 41 кәрханада мониторинг тәртибиндеги тексериўлер өткерилген. Терек жапырақларын жағыў, тереклерди ҳәм путақларды нызамсыз түрде кесиў, ашық отта битум жағып еритиў ҳәм ҳайўанларды нызамсыз түрде аўлаўды сапластырыў бойынша 475 оперативлик қадағалаў илажлары ҳәм 15 бюджетлик кәрхананың экологиялық тараўдағы жумыслары үйренилген. Анықланған фактлер бойынша 1116 лаўазымлы шахсқа ҳәм жеке пуқараларға жәми 171 миллион сумнан аслам жәрийма салынған.

Браконьерлерден 3 аў мылтығы, 30 балық аўлаў торлары, нызамсыз түрде кесилген 243,6 метр куб путақлы терек, 30,6 килограмм дәрилик өсимликлер айғақлы зат ретинде алынып, нызамда белгиленген тәртипте тийисли шаралар көрилген.

Улыўма алғанда өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясына келтирилген 134,1 миллион сумлық зыянды қаплаў ушын 94 ҳәкимшилик даўа рәсмийлестирилген.

Буннан басқа, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясына келтирилген зыянды қаплаў ушын Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасына 13, Жынайый ислер бойынша судларға 43, Пуқаралық ислери бойынша судларға 3 материал өткерилген.

Усы жумыслардың нәтийжесинде, Арал теңизиниң қурыған ултанында өткен жыл даўамында 13 мың 394 гектар майданға дузға шыдамлы ҳәм тез өсетуғын сексеўил, черкез ҳәм қандым өсимликлери егилиўи нәтийжесинде, теңиздиң түбинен атмосфераға көтерилетуғын дузлы шаңлар муғдарының азайыўы ҳәм биологиялық ҳәртүрлиликтиң тиклениўи, сондай-ақ, көллерге 8 миллиард 654,26 миллион куб метр дәрья және коллектор суўларының түсирилиўи нәтийжесинде балықшылық тараўының раўажланыўы көзге тасланбақта. Сондай-ақ, көплеген автотранспортлардың газ жанылғысына өтиўи де атомсфераға тасланатуғын зыянлы затлар муғдарының азайыўына алып келмекте.

Жоқарыда тәбиятқа, қоршаған орталыққа зыян келтирип атырған жағдайлар рәсмий есапқа алынғанлары, ал есапқа алынбағанлары қанша?

Арал теңизиниң қурыўы себепли келип шығып атырған экологиялық машқалаларды басынан кеширип атырған халқымыз буны терең сезиниўи керек.

Әпиўайы түрде үйдеги жуўынды суўды ҳеш қандай ойланбастан, екиленбестен көшеге төгип таслайтуғын үй бийкелеримиздиң өзи онысызда дузға толы ҳаўамыздың жәнеде патасланыўына себепши болып атырған жоқпа? Оған үймелескен шыбын-ширкейлер қанша түрдеги зыянлы бактериялардың тасыўшысы болып атыр?

Өткен жыл даўамында комитет уйымлары тәрепинен экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша 126 нызамсыз шығынды таслаў орны анықланып, оларды алып кетиў бойынша санитариялық тазалаў жумыслары шөлкемлестирилип, 297,5 тонна шығынды арнаўлы орынларға шығарылған ҳәм жоқ етилген. Тазалықты сақлаў мақсетинде өткерилген рейдлерде бир қатар усындай унамсыз фактлер анықланып, 100 ге шамалас пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, арнаўлы санитария-тазалаў кәрханаларына, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға оларды сапластырыў бойынша ескертиў берилген, 108 пуқараға нызамларда белгиленген тәртипте шара көрилген ҳәм олар 18 миллион 575 мың 52 сум муғдарындағы жәриймаға тартылған.

Усы жыл январь айының өзинде өткерилген рейдлерде баҳалы сексеўил ағашын отын ушын шаўып автотранспортларда тасып алып кетип баратырған бир неше пуқаралар иркилген. Мәселен, Төрткүл районында 6, Елликқала районында 16, Беруний районында 2 факт анықланған. Ҳәзирги ўақытта усы топланған материаллар нызамда белгиленген тәртипте шара көрилиўи ушын тийисли уйымларға өткерилген.

Қысқаша айтқанда, тәбият, көше, қоршаған орталық өзимиздики. Оның тазалығын сақлаўға немқурайдылық пенен қарамайық!

 

                                                                                Ә.Жиемуратов,

                                  Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.