Елимиздиң биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының атақлы перзенти Ислам Кәримов туўылғанының 80 жыллығы кеңнен белгиленбекте.

Ғәрезсизлик жылларында елимиз ерискен барлық жетискенликлер менен шеклер Биринши Президентимиздиң исми ҳәм жумысы менен байланыслы. Ислам Кәримов Өзбекистанды бийғәрез, дүньяда өз орнына ҳәм сөзине ийе мәмлекетке айландырды. Биринши Президентимиздиң елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеўде, мәмлекетимиздиң раўажландырыў жолында жоқары пидайылық көрсетип мийнет еткени халқымыз ушын ибарат үлгиси болып қалды.

… 2018-жыл 30-январь. Биринши Президентимиз бир неше жыл мийнет еткен Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласы. Әтирап аппақ қарға бүркенген, аспан ашық. Саўлатлы имарат төбесинде мәмлекетимиздиң байрағы желбирейди.

Бул жерге мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, Өзбекистан Қаҳарманлары, илим ҳәм мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, Қашқадәрья ўәлаятының кең жәмийетшилиги, студент-жаслар Ислам Кәримов естелигиниң ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресимге қатнасыў ушын жыйналған.

Мәресимде Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Ислам Кәримов сол аўыр ҳәм машақатлы жылларда, кейин ала ғәрезсизлик дәўиринде де Қашқадәрья ўәлаятының экономикасын көтериў, адамларды разы етиў жолында тынбай мийнет етти. Ўәлаят халқы, жасы үлкенлер ол инсанның мийнет сүйгишлигин, ийгиликли басламаларын ҳәм бийминнет дәрдемлерин бәрқулла ядында сақлайды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова Ислам Кәримовтың естелигин ашты. Уллы Елбасшымыздың естелигине гүллер қойды. Оның естелигине ҳүрмет көрсетти.

Ислам Кәримов базар экономикасына тийкарларған ҳуқықый мәмлекет қурыўдың терең ойланған стратегиясын ислеп шыққан ҳәм оны әмелге асырған уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында тек ғана елимизде емес, ал халықаралық майданда да жоқары абырой-мәртебеге ийе болды.

Уллы Жолбасшымыз баслап берген дүньяға даңқ таратқан реформалар бүгин Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында избе-из даўам еттирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарары халқымыздың уллы перзентине шексиз ҳүрмет ҳәм садықлықтың әмелий көриниси болды. Қарарда нәзерде тутылғанындай, Биринши Президентимиздиң исмин мәңгилестириў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик қоры дүзилди. Пайтахтымыздың Ферғана жолы көшесиндеги жомъе мешитине «Ислам ата» атамасы берилди. Самарқанд қаласында Ислам Кәримов музейин шөлкемлестириў бойынша кең көлемли жумыслар исленди. Қарардың орынланыўы шеңберинде Ташкент мәмлекетлик техника университети, Асака қаласындағы автомобиль заводы, Ферғана қаласындағы көркем өнер сарайы, Ташкент халықаралық аэропорты, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларындағы көшелерге Ислам Кәримовтың аты берилди. Ташкент, Самарқанд, Қаршы қалаларында уллы Жолбасшымыздың естелиги орнатылды.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 27-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримов туўылғанының 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша елимиз бойлап мәдений-ағартыўшылық илажлар, еслеў кешелери өткерилмекте.

Мәресимде Қашқадәрья ўәлаяты Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесиниң баслығы Эсанбой Ражабов, Өзбекистан халық шайыры Ықбал Мырза, Қаршы мәмлекетлик университетиниң доценти Абдураҳим Эркаев, Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова шығып сөйлеп, Ислам Әбдиғаниевич Кәримов Қашқадәрья халқын шексиз жақсы көргенин, бул үлкени санааты раўажланған аймаққа айландырғанын, қалаберди, пүткил өмирин Өзбекистанға хызмет етиўге бағышлағанын, оның өшпес естелиги миннетдар жерлеслеримиздиң, пүткил халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалатуғынын атап өтти.

Сол күни Ислам Кәримовтың естелиги гүллерге бүркенди.

Кең жәмийетшилик ўәкиллери Биринши Президентимиздиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

***

Уллы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер туўылып өскен Самарқанд қаласында 30-январь күни Ислам Кәримовтың естелигине арналып қурылған мавзолей комплексиниң ашылыў мәресими болып өтти.

Оған елимиз жәмийетшилиги ўәкиллери, елимиздиң барлық аймақларынан келген белсендилер, нуранийлар, жаслар қатнасты.

Мәресимде Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы елимиз ғәрезсизлиги ҳәм жаңа мәмлекетшилигимиздиң тийкарын салыўшы, уллы сиясатшы ҳәм дана реформатор Ислам Кәримовтың Өзбекистан Республикасының раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында әмелге асырған ислери Ўатанымыз тарийхында өшпес из қалдырғанын атап өтти.

Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Кәримов 2016-жыл 3-сентябрь күни өзиниң ўәсиятына бола, Самарқанд қаласындағы Ҳәзирети Хизр мешити комплексине жерленген еди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен бул жерде Биринши Президентимиздиң мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы уллы хызметлерине мүнәсип уллы мавзолей комплексин қурыўға қарар етилди.

«Бул теберик жер Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының әзиз ҳәм ардақлы перзенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың мәңги жерленген орны». Бул сөзлер комплекске киреберисте орнатылған мраморға өзбек ҳәм инглис тиллеринде жазып қойылған.

Естелик комплексин қурыў жумыслары ЮНЕСКО шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылды ҳәм пүткил дүнья мәдений мийрасының объектлеринен бири есапланған Ҳәзирети Хизр мешитине үйлескен мавзолейдиң жойбары тастыйықланды.

Комплекстиң қурылысына елимиздиң түрли аймақларынан қолы гүл қурылысшылар, уста ҳәм өнерментлер тартылды. Мавзолей ушын шет елден қымбат баҳалы таслар, әйўан бағаналары ҳәм текше қорғанлары, жазыўлы ақ оникс ҳәм оникс таслары алып келинди.

Мавзолейдиң ишине ақ қәбир тасы орнатылды. Дийўаллар баҳалы таслар менен безелип, оларға алтын жалатылып қайта исленди. Мавзолейдиң төменги бөлеги жасыл оникс таслар менен қапланған. Гүмбези Ҳәзрети Хизр комплекси менен үйлес тәризде қурылды.

Комплекстиң аймағында миллий усылдағы әйўан қурылды. Бул жерде зыяратқа келиўшилер ушын ҳәр тәреплеме қолай шараят жаратылған, орынлықлар қойылған. Әйўан пештахталарында Қуран аятлары ҳәм Ислам Кәримовтың даналық сөзлери өзбек, араб ҳәм инглис тиллеринде жазылған.

Зыяратшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде лифт, имканияты шекленгенлер ушын көтериўши қурылмалар орнатылды. Заманагөй түнги жақтыландырыў системасы жаратылды. Ислам Кәримов көшесин комплекс пенен байланыстыратуғын көпир қурылды.

Қурылыс процесинде Ҳәзирети Хизр мешити де реставрацияланды, минара керамика таслары менен безелди. Комплекске алып баратуғын жолларға гранит тас терилди. Бельгиядан алып келинген каштан (қара қайың), сондай-ақ, Қрым қарағайы, можжевельник (қара арша), пута тәризли тереклер егилди, жасыл шөплер өсирилди.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги бир жылдан көбирек ўақыт даўамында Самарқандқа ҳәр бир сапары ўақтында комплекстиң қурылыс процеси менен жақыннан танысты. Бул жерди елимиздиң ең қутлы зыярат етиў орынларынан бири сыпатында абат етиў, зыяратшылар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында кеңеслер ҳәм усыныслар берди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримовтың мавзолейин зыярат етип, Биринши Президентимиздиң естелигине ҳүрмет көрсетти. Қуран оқылды.

Мийнет ветераны Толқин Аҳмаджанов, Өзбекистанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Ҳосият Бобомуратова, Самарқанд қаласындағы Ғафур Ғулом атындағы мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Олимжон Ғафуров, Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова бул комплекс мәмлекетимиздиң ҳәм халқымыздың Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине болған жоқары ҳүрмет-иззети сыпатында қутлы зыярат орны болатуғынын атап өтти.

Илаж қатнасыўшылары мавзолейди зыяратлап, гүллер қойды.

Мәресимнен соң мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримовтың естелигине гүл қойды. Самарқанд қаласындағы форумлар комплексинде ас-абат берилди.

Ислам Кәримов мавзолейи комплексине Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген белсендилер, кең жәмийетшилик, түрли ведомстволар менен шөлкемлердиң ўәкиллери, Самарқанд ўәлаяты халқы тәрепинен гүллер қойылды. Биринши Президентимиздиң жарқын естелиги ядқа алынып, Қуран оқылды.

30-январь күни Биринши Президентимиз Ислам Кәримов туўылғанының 80 жыллығы елимиз бойлап кеңнен белгиленди, ас-абатлар берилди.

Абу Бәкир ЎРАЗОВ,

Матназар ЭЛМУРАДОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары