Мәмлекетимиз Президенти Ш.Мирзиёев 2017-жыл 30-июнь күни Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында «Физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик жаслар – ийгиликли мақсетлеримизге жетиўде таянышымыз ҳәм сүйенишимиз болады» атамасындағы баянатында елимиз жаслары арасында илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет салаларында, улыўма барлық тараўларда үлги көрсетип киятырған азамат жасларымыздың оғада көп екенлигин, олар өзиниң физикалық ҳәм руўхый потенциалын, таланты ҳәм шеберлигин көрсетиўи ушын зәрүр шараятларды жаратып бериў бойынша елимизде көплеген жумыслардың исленип атырғанын ҳәм бул ислердиң келешекте де даўам ететуғынын атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, әйне ўақытта ҳадал ҳәм жемисли мийнети, илимий-дөретиўшилик табыслары, Ўатанға садық хызмети менен ҳәммеге өрнек болып киятырған жаслар көпшиликти қурайды. Солардың қатарында сырт еллерде оқып ҳәм ислеп, ол жерлерде тәжирийбе арттырып атырған қарақалпақстанлы жаслар да баршылық.

Усындай жасларға қаратылып атырған жоқары итибардың нәтийжесинде көплеген ўатанласларымыз туўылып өскен жерлерине қайта оралып, қәнигелиги бойынша жумысларын даўам еттириў бахтына миясар болмақта. Бүгинги сәўбетимиз қаҳарманы АҚШта ҳәм Канадада оқып ҳәм мийнет етип, тәжирийбе арттырған жерлесимиз, жас физик илимпаз – Алишер Санетуллаев.

Танысың: А.Санетуллаев 1981-жылы Нөкис қаласында педагоглар шаңарағында дүньяға келди. Балалық дәўири Мойнақ районында,  атасы Санетулла ҳәм апасы Нәзигүлдиң қарамағында өтеди. Райондағы Т.Жумамуратов атындағы орта мектепте оқып билим алады. 1992-жылы Нөкисте жаңадан ашылған Өзбек-Түрк лицейинде оқыўын даўам еттирип, ол жерде инглис, түрк тиллерин қунтлап үйренеди. Физика пәнинен айрықша баҳаларға оқып, пән олимпиадаларына қатнасады ҳәм жеңимпаз болады. Усы пәннен 9-10-класслар арасында Өзбекистан көлеминде өткерилген олимпиадада биринши орынды ийелеп, 1997-жылы Түркияда болып өткен халықаралық Евразия физика олимпиадасында алтын медальды қолға киргизип, жеңимпаз болды.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Каримов Алишердиң халықаралық таңлаўда ерискен табысы ушын компьютер саўға етти. Алишер Биринши Президентимиздиң саўғасын алыўға миясар болған ең биринши қарақалпақстанлы жаслардан саналады.

Лицейди табыслы тамамлаған Алишер Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  университетиниң физика-математика факультетине оқыўға киреди. Университетте оқып жүрип физика пәни бойынша олимпиадаларға табыслы қатнасады. Улығбек атындағы мәмлекетлик стипендиясын алыўға миясар болды.

Үйленген, өмирлик жолдасы Айсулыў менен Арыслан, Алмас, Алихан атлы  үш улды тәрбиялап, кәмалға келтирмекте.

2002-жылы «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланған.

– Алишер сизиң АҚШ ҳәм Канада мәмлекетлериндеги университетлерде оқып билим алғаныңыз ҳәм илимий мәкемелерде жумыс ислегениңизден хабарымыз бар. Келиң, сол еллерде өткерген дәўириңиз ҳаққында кеңирек айтып берсеңиз.  

– 1999-жылы 18 жасымда АҚШ тың жоқары оқыў орынларында оқыўымды даўам еттириў мақсетинде «Умид» қоры тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўға қатнасып, барлық тест сынақларынан табыслы өтип, физика бойынша бакалавриатта оқыў ҳуқықын жеңип алдым ҳәм сол жылдан баслап АҚШ тағы Мичиган мәмлекетлик университетинде оқып басладым. Үш жылдан соң бакалавр дипломын алдым. Усы университетте оқып жүрип, компьютер лабораториясына ярым ставкада жумыс иследим, ал оқыўымның соңғы жылында атақлы физика профессорына ассистент болдым. Профессордың қол астында атом микроскоплары, ядро-магнитли резонанс (медицинада магнитли-резонанслы томография), кристаллография ҳәм басқа да жоқары технологиялы лабораториялық жумысларды үйренип шықтым. Диплом жумысым протон ҳәм аўыр ядроларды рак кеселлигин емлеў ушын қолланыўға бағышланды. Бул жумысым кейин «Умид» қоры жеңимпазларының илимий жумыслары атамасындағы китабында жарық көрди.

2002-жылы оқыўымды питкергеннен соң университет басшылығы маған магистратурада ҳәм кейин ала докторантурада оқыўымды даўам еттириўди усыныс етти. Бирақ мен «Умид» қорына елимизге қайтып келип, ол жақта алған билимимди, тәжирийбемди халқымның ийгилиги ушын жумсайман, деп берген ўәдеме садық қалып Өзбекистанға қайтып келдим ҳәм биофизика бойынша жумыс ислеп басладым. Жумыс ислеп жүрип Өзбекистан Миллий университетине магистратураға кирдим. Оқып жүрип Ташкенттеги ядро-физикасы институтына киши илимий хызметкер болып жумысқа өттим. Астрофизика бойынша теориялық есаплаўлар менен шуғылландым. Бул дегени, қуяштан шығатуғын нейтринолар саны бойынша тәжирийбе ҳәм теориялық есаплаўлардың бир-бирине қарама-қарсы нәтийже бериў машқаласын үйрениў деген сөз. Магистратураны айрықша баҳалар менен тамамлағаннан соң усы ядро-физика институтында жумысымды даўам еттирдим. Ал, 2005-жылы АҚШ та докторантурада оқыўға қарар еттим ҳәм дүньядағы ең күшли орайлардың бири Мичиган мәмлекетлик университетинде ядро физикасы бағдары бойынша оқыўға кирдим. Бул жерде дүньяға белгили профессор Уиллиам Линч топарында тәжирийбе жумысларына араласып кеттим. Университетте жоқары өткизгиш циклотрон лабораториясы болып, бул жерде сийрек ушырасатуғын изотопларды үйрениў бойынша тәжирийбелер өткерилди. Докторлық диссертация жақлаўшы талабан өзиниң мийнетин сынақтан өткериўи керек. Мен усынған Никель-56 изотопының ишки қурылысын үйрениў тәжирийбеси бир ҳәпте даўам етти. Илимий жумысыма қысқаша тоқтап өтсек, атом минус зарядлы электрон ҳәм плюс зарядлы ядролардан турады. Ал, ядро ишинде зарядлы протон ҳәм зарядсыз нейтронлар болады. Никель-56 дегени бул изотоп ядросында 28 протон ҳәм 28 нейтрон бар дегени. Никель-56 изотоплары тәбиятта ушыраспайды, себеби ол бир неше ҳәптеден соң темирге айланады. Тәбиятта ушарасатуғын Никельдиң турақлы изотопы – бул Никель-58, яғный 28 протон ҳәм 30 нейтроны бар изотоп. Тезлеткиштен секундына бир миллион дана Никель-56 пучоги жибериледи. Биз оны водород ядролары менен соқлығыстырып, пайда болған дейтерий (аўыр водород) ядроларын өлшеп, сол арқалы Никель-56 изотопының ишки қурылысын үйренемиз. Ядролар зарядланған болғаны себепли ол тек вакуумда қозғала алады.

Әлбетте, ўақтым тек оқыў ҳәм илимий изертлеў жумыслары менен өтпеди. Бул жерде өзиме уқсаған докторантлар менен танысып, досласып алдым. Дем алыс күнлери тәбият қушағына шығып, дем алатуғын едик. Бурыннан шахмат ойнаўға қызығыўым арқасында көплеген турнирлерге қатнасып, сыйлы орынларды алып жүрдим. 2010-жылы болса Мичиган штатының чемпионатында биринши орынды алыў бахтына миясар болдым. Қулласы, илимнен тысқары өмирим көп қызықлы ўақыяларға бай болды.

2011-жылы март айында бир пост-докторантура (ўақтынша илимий хызметкерлик жумыс) дағазасы көзиме түсти ҳәм еле докторлық диссертацияны жақлаўыма бираз ўақыт болса да  усы жумысқа өтиў ушын ҳүжжет тапсырдым. Солай етип, Канаданың Ванкувер қаласында Британия Колумбиясы Университетиндеги ТРИУМФ деген миллий ядро ҳәм жоқары энергия физикасы лабораториясына қатты водород мишеньлери менен сийрек ядроларды үйрениў бойынша инновациялық жойбарға қатнастым. Усы жылы мени Нью-Йорк қаласындағы мәшҳүр Уолл-стрит көшесинде жайласқан Нью-Йорк фонд биржасына да жумысқа интервьюге шақырды. Бирақ мениң тийкарғы гөзлегеним илим ийелеў ҳәм келешекте өз елимде усы тараўды раўажландырыў болған соң Канадаға барыўға қарар еттим.

Канадада ТРИУМФ та ИРИС жойбары бойынша жумыс алып бардым. Жойбардың мақсети инновациялық қатты водород мишенин ҳәм оған тийисли детекторларды иске қосыў болып табылады. Ванкуверде өткерген үш ярым жыл ўақыт тез өтип кетти. ИРИС жойбары бойынша бир неше жаңалық ашыўға миясар болдық. Әсиресе, литий ҳәм углеродтың сийрек ушырасатуғын изотопларын үйрениў бойынша тәжирийбелер өткердик. Илимий сапар менен Россияның Дубна қаласы ҳәм басқа да мәмлекетлерге  барып қайттым. 2015-жылдың май айында Өзбекистанға қайтып келдим. Ол жақта ислеген жумысларымның нәтийжелери, мақалаларым елеге шекем сырт еллердеги ең абыройлы илимий басылымларда жәрияланбақта. Физика-математика илимлерииниң докторы дәрежесине ийе болдым.

Ҳәзирги ўақытта Ташкенттеги жаңадан ашылған Инха университетинде жумыс ислеп атырман. Бул жерде физика бойынша лекциялар оқып, ассистентлерим менен биргеликте студент жасларға механика, электро-магнитизм, жақтылық тезлигин өлшеў, квант физикасы бойынша сынақлар өткеремен. Лекция ҳәм оқытыў жумысымнан тысқары илимий жумысларымды даўам еттирмектемен. Ташкенттеги Ядро физика институты менен бирге Японияда жаңа сынақларды өткериў нийетим бар. 2016-жылы болса Канадаға илимий конференцияға қатнасып қайттым. Быйыл елимизде илимге ҳәм технологияларға айрықша итибар қаратылып атыр ҳәм мен бул бағдарда өзимниң илимий жумысларымды даўам еттирип, билим ҳәм уқыбымды, тәжирийбемди қосаман деп, ўәде беремен.

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

 

Нысанбай Рейпназаров,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы