Республикамыздың Мойнақ районында бурынғы «Мойнақ балық консерва» комбинатының орнында ҳәм 5-қурылыс басқармасы аймағында жәми 20,5 гектар майданда «Мойнақ киши санаат зонасы» шөлкемлестирилди. 2018-2021-жылларда және Қоңырат, Хожели, Тақыятас, Беруний, Әмиўдәрья ҳәм Шымбай районларында да киши санаат зоналары қурылысы режелестирилген. Объектлерди ҳәмме ўақытта ҳәм барлық жерде де қурыў мүмкин, бирақ ҳәр қандай жағдайда да буннан кимге пайда: бир субъектке ме, бир қанша адамларға ма ямаса барлық қала турғынларына ма, деген сораў ортаға тасланады.    

Мәселен, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Нөкис-фарм», «Зомин-фарм», «Косонсой-фарм», «Сирдарё-фарм», «Бойсун-фарм», «Бўстонлиқ-фарм» ҳәм «Паркент-фарм» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында Нөкис-фарм ушын Нөкис районы аймағынан 50 гектар жер ажыратылды. Өткен жылы 13-сентябрьде «Nukus-Farm erkin iqtisodiy zonasi direktsiyasi» шөлкемлестирилди. Тийкарынан фармацевтикаға қәнигелестирилген санаат зонасында жәми 48,9 миллион АҚШ долларлық 8 жойбар әмелге асырылатуғын болды.

Киши санаат зоналары ҳәм еркин экономикалық зоналардан ким қандай пайда көреди?

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бәсекиликти раўажландырыў комитети баслығының орынбасары Джахонгир Юнусов:

Бундай санаат зоналарында инвестиция бағдарламасын әмелге асырыўға бел байлаған исбилермен ҳәр тәреплеме утады. Бириншиден, мәмлекет мүлкин 10 жыллық узақ мүддетли ижараға алыў (басқа түрдеги мәмлекет объектин максимал ижараға бериў мүддети 5 жыл) ҳәм минимал ставкалар бойынша ижара ҳақын төлеў имканиятына ийе болады. Исбилерменлик субъектине усы ўақыт ишинде инвестиция бағдарламасын әмелге асырыўға, керек болса, қурылыс, оңлаў жумысларын ислеўге имканиятлар жаратып бериледи, инженерлик-коммуникация технологиялары менен тәмийинленеди. Еки жылға шекем пайда, мал-мүлк ҳәм бирден-бир салық төлемлеринен азат етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Экономика министри орынбасары Айдос Қайпбергенов:

– Киши санаат зоналары мәмлекет қарамағындағы қараўсыз жатырған үлкен майданды ийелеп турған өндирис майданларын абаданластырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди. «Нукус-фарм» киши санаат зонасында ҳәзирше 8 исбилерменлик субъекти өзиниң жойбарын әмелге асырмақта. Әмелге асырғанда да, әпиўайы ислеп шығарыўға емес, олар жоқары технологиялар тийкарында өнимлерди экспортқа бағдарлап, керек болса, импорт орнын басатуғын жергиликлилестириў бағдарламасына киргизилген өнимлерди ислеп шығарыўға қәнигелескен. Жергиликли шараятлар, бар шийки зат ҳәм минерал ресурслар, аймақтың раўажланыў перспективаларынан келип шыққан ҳалда фармацевтикаға қәнигелестирилген бул киши санаат зонасынан келешекте жылына 14,86 миллион АҚШ долларлық өнимниң экспорт етилиўи режелестирилмекте. Ишки базарды өним менен тәмийинлеп бериўи енди өз алдына жетискенлик болады. Олар жылына 2267 тонна өним ислеп шығарыўы ҳәм 1109 миллион 500 мың дана шприц, инфузиялық система, медициналық шийше ыдыслар ҳәм таяр дәри өнимлерин жеткерип бериўи нәзерде тутылмақта. Нәтийжеде жергиликли халық ушын 563 турақлы жумыс орны жаратылады.

Киши санаат зонасының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде усы аймақтағы халық газ, электр ҳәм ақаба суў тармақлары менен тәмийинленеди. Арқа автовокзал көширилгеннен соң бул жерлер арқадағы 6 районға шығыў дәрўазасына айланады. Сондай-ақ, келешекте Уллы жипек жолының трассасы да усы жерден өтиўи күтилмекте. «Нукус-фарм»ның алдында 50 хызмет көрсетиў шақапшалары (магазин), еки-үш қабатлы офислер, дәриханалар шырай ашып турады. #ысқасы, пайтахтымыздың санаат қалашасы пайда болады.

Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң  тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты Өсимликлер экологиясы лабороториясының баслығы, биология илимлериниң кандидаты Халида Матжанова:

Елимиз санаатында жергиликли дәрилик өсимликлерден шийки зат, таяр дәри өнимлерин таярлаў актуал машқала болып келмекте.

«Нукус-фарм» усы машқаланың шешимине қарай дәслепки қәдем болды, десем асыра айтқан болмайман. Бул жерде, улыўма Нөкис қаласы аймағында бир қанша кеселликлер менен гүресиўге имкан жарататуғын мәдений ҳәм жабайы дәрилик өсимликлер өседи. Атап айтқанда, қантлы диабет ҳәм баўыр кеселликлерин, гастрит, панкреатитти емлеўде жәрдем беретуғын, атеросклероздың алдын алатуғын «Амарант» өсимлиги, психиканың бузылыўына ем болатуғын «Әдираспан», аўқат сиңдириўди жақсылайтуғын, балларда иш қатыўды жеңиллететуғын «Цикорий», аўырыўды қалдырыў, қақырық түсириў қәсийетлерине ийе «Алтей», ишки қан кетиўлерди, буўынлардың аўырыўын  тоқтатыўшы «Окопник», дем алыў жоллары кеселликлеринде ем болатуғын «Боян тамыры», баўыр, асқазан, бронхит, кемқанлық ҳәм аллергияның даўасы «Атқулақ» сыяқлы өзи тәбийий ҳалда өсетуғын ҳәм көбейетуғын дәрилик өсимликлер жүдә көп.

Республикамыз аймағында көп тарқалған, тез өсетуғын ҳәм айрықша тәрбиялаўды талап етпейтуғын дәрилик өсимликлер:

Жүрек-қан тамыр кеселликлеринде – спорыш, таран, қустили таран, дәрилик календула, жалпыз (мята), крапива, дәрилик мелисса, әпиўайы хмель, әпиўайы цикорий;

Урологиялық кеселликлерде – петрушка, бархатцы, спорыш, атқулақ, энотера, жоңышқа, назбайгүл, пәшек;

Орайлық нерв системаларында – әдираспан, әпиўайы дурман (бангидевона);

Тери кеселликлеринде – дробова, жоңышқа, қусқонбас;

Антиревматоид өсимликлер – сельдерей, назбайгүл, окопник;

Асқазан-ишек кеселиклери – еки жыллық ослинник, дәрилик алтей, дәрилик календула, полаты, окопник, әпиўайы хрен, үпелек (қойма-қошқарма), пәшек, атқулақ;

Қантлы диабет – әпиўайы хрен, үпелек, әпиўайы цикорий (сачратқи), топинамбур (жер алмурты);

Қақырық түсириўши – мальва, окопник, боян тамыры.

Усы өсимликлерден жергиликли санаатта шийки зат ямаса таяр дәри ислеп шығарыў ишки базардағы дәрилердиң баҳасын арзанлатыўға, синтетикалық ҳәм сапасыз дәри-дәрмақларды ишки базардан сығып шығарыўға имкан жаратар еди. Буның ушын экологиялық таза зоналарда усы дәрилик өсимликлерди өсирип, көбейтиў ушын плантациялар жаратыў керек. Жоқарыда аты аталған ҳәм басқа да илимий және халық медицинасында көп қолланылатуғын дәрилик өсимликлер тийкарынан жабайы ҳалда өсип, туқымлары арқалы көбейеди, жер таңламайды. Мәселен, халық тилинде коврак деп аталыўшы Ферула дәрилик өсимлигиниң нормал раўажланыўы ушын жылына 150 миллиметр ығаллылықтың өзи жетерли. Бул өсимлик халықаралық медицинада ишеклерди қуртлардан тазалаўда, иммунитетти беккемлеўде, туберкулёзды емлеўде пайдаланылады.

Киши санаат зоналары қандай тараўға қәнигелестирилген болыўына қарамастан, республикамызды экономикалық раўажландырыўға ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге, пайдаланылмай, қараўсыз жатырған орынларда жаңа, заманагөй кәрханалар қурыў арқалы бул жерлерди абаданластырыў ҳәм белсенди исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға, әҳмийетлиси, халқымыздың турмыс дәрежесин көтериўге хызмет етеди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.