Усы жыл 31-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының өткен жыл даўамындағы  жумысларының жуўмақларына бағышланған Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда Федерацияның район, қала жамийетлери баслықлары, қәнигелери қатнасты.

Жыйналыста тараўға байланыслы ҳүкимет қарарлары ҳәм нызамларының орынланыўы бойынша Нөкис қаласы, Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели районлары жәмийетлери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар додаланды.

Атап өтилгениндей, өткен жылда Федерацияға жәми 967 мүрәжат келип түскен. Усы мүрәжатлардың 933 унамлы шешилген. Нәтийжеде, тутыныўшыларға жәми 257 миллион 447 мың сум муғдарында  пул қайта есаплап берилген. Мәселен, тутыныўшылардан келип түскен арзаларды үйренип шығыў ҳәмде олардың унамлы шешилиўи нәтийжесинде Нөкис калалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен тутыныўшылар пайдасына 47 миллион 610 мың сум қайта есаплап берилген.

Федерация ҳәм оның район, қала жәмийетлери тәрепинен есабат дәўиринде «Жоқары тутыныў мәдениятына қарай», «Биз ҳәммемиз тутыныўшымыз», «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары нызам қорғаўында» сыяқлы бир қатар темаларда оқыў-семинарлары ҳәмде  дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилген.

Федерация ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлери ғалаба хабар қуралларында 1000 ға жақын информациялық бағдармаларда қатнасып, баспа сөзде бир қатар мақалалар жариялаған.

Кеңесте  Федерацияның Жаслар мәселелери бойынша  әмелге асырылған жумыслар да кеңнен додаланды.

– Өткен жылда Хожели районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине жәми 227 арза келип түсти. Оның 167 си жазба, 60 ы аўызеки түрде болды. Көпшилиги тәбийғый газ, электр энергиясы, суў тәмийнаты, байланыс сыяқлы комуналлық хызметтеги мәселелер болып есапланады. Арзалардың 23 проценти, яғный 227 си Хожели районлық тутыныўшылардың хуқықларын қорғаў жәмийетине тийисли. Жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренип шығылыўы себепли 105 миллион 287 мың сум тутыныўшылар пайдасина шешилди,-дейди районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетиниң баслығы С.Ҳәкимниязов.

Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның район, қала жәмийетлери қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилген оқыў-семинарлары ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелери ҳаққындағы мәселелер де көрип шығылып, 2018-жылда исленетуғын жумыслар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.