Жүрек. Ол кишкене бирақ оған пүткил әлемниң қайғы ҳәм қуўанышлары сыяды. Жүрек дүрсили. Ҳәр күни бир тегис соққан жүрек толғаныстан бунша тез соқпаса!?

30-июнь. Салтанатлы симпозиумлар сарайында болып өткен мәжилисте Өзбекистанның он миллионнан аслам жасларының жүреги бир минутта бирге қуўаныштан дүрсилдеди. Басқаша айтқанда, бул күни он миллион жүрек: «усындай бахытлы ел перзенти екенлигинен, «бахытлымыз» деп соқты.

Мәўсимлер алмасыўындай инсан өмири де мудамы қайнаўытлап атырған дәрьяға уқсайды. Оның толқынлары жағаға сондай пәт пенен урылады, ондағы күш пүткил жағаны ийелейтуғын сыяқлы… Бүгин елимиздеги ҳәр бир жастың көзинде келешекке деген үлкен исеним, асаў дәрья толқынларындай күшти көресиз.

Ҳүрметли Президентимиздиң усы жыл 30-июнь күни «Камолот» ЖЖҲ IV қурылтайында саўлатлы симпозиумлар сарайында елимиздиң алдынғы жаслары менен ушырасыўы, оларды қыйнап атырған мәселелер менен аталарша ортақласыўы ҳәм сол ўақытта оның шешимин таўып, елимиздиң ертеңги күни болған жасларымыз ушын үлкен имканият есигин ашып бериўи республикамыздағы он миллионнан аслам жасларымыз өмиринде умытылмас күн болып мөрленип қалды.

Ҳүрметли Президентимиздиң: «Шынын айтқанда, мен бүгинги ушырасыўға көптен берли таярлық көрип киятырған едим. Елимиз жасларының мүнәсип ўәкиллери, ертеңги күнимиздиң ийелери болған сиз, әзиз ул-қызларымыз арасында жасымызға, лаўазымдағы парықларға итибар берместен, сизлер менен теңдей болып, шын жүректен сәўбет қурыўды көптен бери нийет етип келетуғын едим», — деп сөз баслаўының өзи-ақ, гүллән жасларымыз кеўил қулыпларын бирим-бирим ашқандай болды.

Әлбетте, ҳәр қашанда жаслар тәрбиясы әҳмийетли мәселе болып келген. Жасларымыздың ҳәр тәреплеме илим-билимли, таңлаған кәсиплериниң жетик қәнигелери болыўы ушын барлық имкәниятлар есиги ашық. Соны да айрықша атап өтиў керек, елимизде жасларға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар берилиўиниң өзи, жасларға деген үлкен исеним десек қәтелеспеймиз. Мәжилисте экран арқалы тамаша етер екенбиз,  Журтбасшымыздың «Тәрбия қанша жетик болса, халық сонша бахытлы жасайды», «Өз балаңды өзиң сақла» деген даналық  сөзлериниң қәншелли дәрежеде ҳақыйқат екенлигин аңлағандай болдық. Сондай-ақ, Өзбекистан жасларын бир күш етип, бир жерге жәмлеўши «Өзбекистан жаслар аўқамы»н шөлкемлестириўи, оның баслығының бир ўақыттың өзинде Президенттиң жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, Сенат ағзасы болыўы бул аўқамның қаншелли қүдиретли екенлигинен дәрек береди. Қала берди, жасларымызды ғалабалық мәденият тәсиринен қорғаў, олардың китапқумарлығын асырыў, мәмлекетимиздеги барлық уйымлардың жасларға тийисли басылымлары менен жақыннан таныс болыўы керекли, сол тийкарда «Жаслар баспасы үйи»н шөлкемлестириў ғалаба хабар қураллары тараўында ислеп атырған биз жасларды да шексиз қуўанышқа бөледи.

Халқымыз мудамы өзиниң мәрт уллары менен мақтаныш етип келген. Өз нәўбетинде, бизиң ер азаматларымыздың да көксин қалқан етип, ел тынышлығы ушын гүресиўин, Ўатанымыздың ертеңги күни ушын ҳәр бир салада мийнет етип атырғанлығын көриў елимиз келешегиниң беккем  қолларда екенлигинен дәрек береди. Елимизде жасларға әскерий тәлим-тәрбия беретуғын курсантлар мектебин ашып, оны «Темурбеклер мектеби» деп аталыўы, Президент жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясы жанында Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтын шөлкемлестириў шын мәнисинде жасларымыздың жетик қәниге болып жетилисиўинде әҳмийетли роль ойнайды.

 Ҳәр жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа талапшаң қызларымыз мүнәсип болып киятырған болса, билимде, мийнетте, жәмийетлик жумысларда өзин көрсеткен азамат ер жигитлеримиз ушын «Мард ўғлон» деген мәмлекетлик сыйлық ҳәм жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме белсенди болған жигит-қызларымыз ушын «Келешек бунедкори» медалын шөлкемлестириўи гүллән жасларымыз ғайратына-ғайрат, күшине-күш қосты десек қәтелеспеген боламыз. Ең баслысы, елимизде белгиленип киятырған сәнелер қатарына 30-июнь – «Жаслар күни» деп қосылыўы да тек жаслар емес, бәлким бүгин жаслық жылларын сағынған, бир демге сол мәўритлерге қайтқысы келген ҳәр бир заманласымыз кеўил дәптерине алтын ҳәриплер менен жазылды.

Бүгин елимизде «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм жоқары мәртебели халқымыз бенен бирге қурамыз» деген сүрен кең тарқалып, турмысымызға тезлик пенен кирип баратырған бир пайытта, еркин пикирлейтуғын, мудамы ел-журт тәғдирин өз тәғдири менен байланыстырған жасларымыздың  майданға шығыўы Ўатанымыз келешегиниң гүллеп-жаснап, уллы шеклерди ийелеўине қарай атылған нық қәдем болды.

Усындай бахытлы турмыста жасап атырған ҳәр бир жастың бүгин «бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып» уллы мақсетлер жолында келешекке қарай қәдем таслаўын көриў елимиз келешеги исенимли қолларда екенлигинен дәрек береди.

Жүрек дүрсили! Еситиң! Уллы мақсетлерге умтылған он миллион жүрек дүрсили!  

 

Гүлмира ПАЛЎАНОВА,

көркем өнертаныў журналисти