1-фото: Жансулыў Татлымуратова

«Zor TV» телеканалының «Индиго» жойбары, «Спорт» телеканалының «Rekord.uz»,   Қарақалпақстан телеканалының «Айқулақ» көрсетиўлери арқалы көпшиликке танылған, жаратылыс тәрепинен инам етилген тәкирарланбас талант ийеси, Тахтакөпир районында туўылған Жансулыў Татлымуратованың даңқы бүгин дүньяға таралмақта.

2-фото: Жансулыў “Индиго” жойбарында

9 жасар Жансулыў тәбиятынан аўыр минезли, өз жумысына пуқта, ақыллы қыз.

Ол спорттың көркем гимнастика түри менен еки ярым жасынан баслап шығылланыўды баслаған. Жансулыўдың ҳәрекетлери нәзик ҳәм гөззал.

Жансулыў ҳәзирги күнде райондағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшысы.  Ол оқыў менен бир қатарда 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде устазы Гөззал Шахийовадан түрли халықлардың аяқ ойынларын үйренбекте.

Ол гимнастика сырларын шәкирти, алты жасар Айдана Пирниязоваға да үйретпекте.

Ж.Татлымуратова Өзбекистан Республикасындағы «Спорт» телеканалы тәрепинен шөлкемлестирилген «Rekord.uz» көрсетиўинде «Ең ийилиўшең пластик қыз» номинациясы бойынша жеңимпаз болған болса, көп узамай 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы қарсаңында  «Zor TV» телеканалы тәрепинен талантлы ҳәм қәбилетли балалар ушын шөлкемлестирилген «Индиго» жойбарына қатнасып, талаланты менен көпшиликти таң қалдырады. Яғный, ол темирди қолы-аяғын жерге тийгизбестен 5 минут тислеп турыў арқалы арқаға ийилип (3-фото) Жәҳән рекордын жаңалады.

3-фото: Жансулыў жәҳән рекордын жаңалады

Кишкене гимнастикашы қыздың репертуарынан киши сандықтан күтилмегенде шығып, нәзик ҳәм сулыў ҳәрекетлерин көрсетиў, ҳаўа гимнастикасы, онда ҳаўада турып, қурамалы ҳәм қыйын ҳәрекетлерди шаққанлық пенен көрсетиў, музыка астында сулыў ҳәрекетлер менен оқ жайды нышанаға атыў сыяқлы композициялары орын алған.

– Гиннестиң Рекордлар китабына хат жоллап қойыппыз. Қызымның талантын, қәбилетин жәҳән ареналарында көрсетип, оны усы китапқа киргизсе бахытлы ана болған болар едим, -дейди анасы Гүлмийра апа. Жансулыў соның менен бирге Қытай ҳәм Россияда болып өтетуғын таңлаўға қызғын таярлық көрмекте.

Фотосессия: Жансулыў Татлымуратова атқарған трюклар

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы