Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң Шығындылардың пайда болыўы, топланыўы, сақланыўы, тасылыўы, утилизацияланыўы, қайта ислениўи, көмилиўи ҳәм реализациясын қадағалаў инспекциясы тәрепинен өткен жыл даўамында бир қатар илажлар әмелге асырылған. Атап айтқанда, экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша 126 нызамсыз шығынды таслаў орны анықланып, оларды алып кетиў бойынша санитариялық тазалаў жумыслары шөлкемлестирилип 297,5 тонна шығынды арнаўлы орынларға шығарылған ҳәм жоқ етилген.

– Соның ишинде өткен айда Нөкис районы аймағында тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен бирликте өткерген рейд даўамында усы районның Төктаў МПЖ аймағында пуқара З.Х. тәрепинен, «Ақ терек» МПЖ да болса, пуқара Б.Ш. тәрепинен, ал  «Азатлық» МПЖ аймағында пуқара Ю.И. дың көшеге шығынды таслап атырғаны анықланды. Бул пуқараларға тийисли тәртипте түсиник жумыслары алып барылып, ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында жәрийма салынды.

Улыўма алғанда экологиялық қадағалаў жумыслары бойынша өткен жыл даўамында белгиленген тәртипте 154 рейд өткерилип, нызамсыз шығынды таслаў орынларын анықлаў бойынша бир қатар мониторинг жумыслары әмелге асырылды,-дейди инспекция баслығы М.Нуржанов.

Анықланған нызам бузыўшылықлар бойынша 98 жергиликли  басқарыў уйымларына, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, арнаўлы санитария-тазалаў кәрханаларына, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға оларды сапластырыў бойынша ескертиў берилип, 108 пуқараға нызамларда белгиленген тәртипте шара көрилген ҳәм олар 18 миллион 575 мың 52 сум муғдарындағы жәриймаға тартылған.

Деген менен, көше, аўыл-аймақ, әтирап, оны қоршаған орталық өзимиздики емес пе?  Көшемизге жуўынды төгип, шыбын үймелетип, кеселлик тарқатыў ең дәслеп өзимиздиң балаларымызға зыян. Усы фактлерди келтирип, мақаланы жәриялаўдан мақсет – қоршаған орталығымызды, аймағымызды таза услайық, демекшимиз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.