Қыс айларында пуқараларымыздың тәбиятқа немқурайдылық пенен қараўы, отын сыпатында қайта тиклениўи оғада қыйын болған сексеўил ағашын шабыўы фактлери тез-тез ушырасып атырғаны ашынарлы жағдай.

Усы жыл  13-18-январь күнлери аралығында тийисли уйымлар тәрепинен Елликқала районы аймағында әмелге асырылған рейд жумыслары нәтийжесинде сексеўил ағашын отын сыпатында пайдаланыў ушын шаўып алып кетип баратырған 15 пуқара иркилди.

Атап айтқанда, олар жәми 133 метр куб муғдарындағы сексеўилди автотранспортларға тийеп алып кетип баратырған екен.

– Оларға жәми 2 миллион 411 мың 360 сум муғдарында жәрийма салынды,- дейди Биоҳәртүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў, олардан пайдаланыўды қадағалаў бойынша аймақлық инспекциялары Қарақалпақстан Республикасы бойынша оператив топарының бас қәнигеси Ф.Айтбаев.

Олар тәрепинен тәбиятқа келтирилген 29 миллион 551 мың 274 сумлық зыян өндирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги