Биоҳәртүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў, олардан пайдаланыўды қадағалаў бойынша аймақлық инспекциялары Қарақалпақстан Республикасы бойынша оператив топары тәрепинен январь айында тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирликте рейд жумыслары өткерилмекте.

Усы жыл  26-январь күни Төрткүл районы аймағындағы «Мискин» постында әмелге асырылған рейд жумыслары нәтийжесинде сексеўил өсимлигин отын сыпатында пайдаланыў ушын шаўып алып кетип баратырған 6 пуқара иркилди.

Олардың бесеўи орташа 1 метр куб, ал биреўи 4,5 метр куб муғдарындағы сексеўилди автотранспортларға тийеп алып кетип баратырған екен.

Оператив топар олардың иси бойынша материаллар жыйнап шара көриў ушын тийисли орынларға ҳүжжетлерди жиберди.

– Оператив топарымыз тәрепинен өткен жылдың август айынан берли өсимлик дүньясы бойынша жәми 276 рейд өткерилген болса, анықланған фактлер бойынша 275 пуқараға 39 миллион 455 мың 654,5 сум муғдарында жәрийма салынды. Жуўапкерлерден өсимликлер дүньясына келтирген зыяны ушын 41 миллион 627 мың 045,6 сум өндирилди, – дейди топардың бас қәнигеси Ф.Айтбаев.

 

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги