Әзиз перзентлерим!

Қәдирли устаз ҳәм тренерлер!

Бәршеңизди футбол бойынша Жаслар арасында болып өткен Азия чемпионатының финал ойынында оғада аўыр ҳәм қолайсыз ҳаўа-райы шараятында шын мәниисинде қайсарлық ҳәм ерлик үлгисин көрсетип, жеңимпазлықты қолға киргизгениңиз бенен өзимниң атымнан, көп миллетли халқымыз атынан шын жүректен қутлықлайман.

Сизлер қолға киргизген теңсиз бул жеңис пүткил халқымызға шексиз қуўаныш бағышлап, Өзбекистан жасларының қандай уллы ислерге уқыплы екенлигин және бир мәрте көрсетти. Бул үлкен жеңис, елимиздеги миллионлаған жасларды мәртлик ҳәм ерлик, Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға үлкен үлес қосатуғыны сөзсиз.

Ел-журтымыз сизлер сыяқлы мәрт ҳәм батыр, пидайы азаматлары менен, елимиздиң ҳақыйқый қаҳарманлары менен мақтанады.

Бәршеңизди баўырыма басып, сизлерге зор денсаўлық, күш-жигер, әзиз Өзбекистанымыздың даңқын дүньяға таратыўда бәрқулла жеңислер яр болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекистан Республикасы Президенти