Буннан былай әскерий хызметин атқарып қайтқан жаслардың жоқары оқыў орынларына кириўине жәрдем бериў ушын олар хызметте ўақтында оқыў курсларына (физика-математика, өзбек тили ҳәм инглис тили таярлық курсларына) қатнаўы мүмкин. Сондай-ақ, әскерлер арасындағы талантлы жаслардың қосықлары «Ўзбекистон армияси», «Ватанпарвар», «Қарақалпақстан жаслары» ҳәм т.б. газеталарда жәрияланатуғын болды.

Бул ҳаққында 29-январь күни Жаслар орайында Жаслар аўқамы ҳәм Арқа-батыс әскерий округиниң бир топар әскерий хызметкерлери менен бирге өткерилген «Елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында Өзбекистан жаслар аўқамының орны. Жасларға берилип атырған жеңилликлер ҳәм олардың нызамлы тийкары» ашықтан-ашық сөйлесиў кешесинде мағлыўмат берилди.

Бүгинги күнде Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесине 30ға шамалас әскерий басланғыш шөлкемлери ағза.

Илажға Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы, полковник Ф.Артиқов, Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси баслығының орынбасары, Республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң аймақлық кеңеси баслығы З.Ибрагимова ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары жаслар арасында еркин пикирлейтуғын, өзиниң беккем турмыслық позициясына ийе ҳәм бәрқулла ел-халықтың  тәғдири менен жасайтуғын жасларды қыйнап атырған машқалалардың өз ўақтында шешимин табыў, жаслар тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды турмысқа белсене енгизиў, сондай-ақ, бүгинги күнде елимизде жасларға берилип атырған жеңилликлер, жаратылып атырған имканиятлар туўралы  кең түрде пикир-усынысларын билдирди.

– Биринши Придентимиз И.Ә.Кәримов ҳаққында жазған қосықларым бар. Оны Президентимиздиң 80 жыллық юбилейи алдынан республикамыздың ғалаба хабар қуралларында жәриялаў, сондай-ақ, қосық топламларымды китап етип баспадан шығарыў  нийетим бар. Мине мениң қосықларым дәслеп газеталарда жәрияланатуғын болды, – дейди әскер Сәрдар Зикиряров.

Илаж пикир алысыўларға бай болды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы