Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың өмири ҳәм хызметин үгит-нәсиятлаўға қаратылған китапларды таныстырыў салтанаты болды.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов басқарып барды.

Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Бас директоры А.Кучимов, мийнет нураныйы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор Ү.Әширбеков, академик Ж.Базарбаев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов шығып сөйлеп, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, елимиздиң Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жолындағы уллы тарийхый хызметине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында пүткил елимиз бойлап   кең көлемли илажлар өткерилмекте. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримов мийнет жолының хроникасы (жылнама)» китабы, «Жаслар бүгинги ҳәм ертеңги турмысымыздың шешиўши күши», «Жоқары мәнаўият – жеңилмес күш» атлы мийнетлери, «Президентке хатлар» китабы басып шығарылды.

Шығып сөйлеўшилер Биринши Президентимиздиң бул мийнетлериниң бүгинги турмысымыздағы, сондай-ақ, жаслар тәрбиясындағы әҳмийетине, оны кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў бойынша ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы