Республикамыздың Әмиўдәрья дельтасында, Қызылқумда ҳәм Үстиртте кең тарқалған «шөлистан женьшени», «шөлдеги өмир тамыры» ямаса «алтын тамыр» атамасы менен танылған Цистанхе өсимлиги ҳәзирги ўақытта халықаралық фармацевтлердиң ҳәм илимпазлардың дыққатын тартпақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының доценти Низаматдин Мамутовтың сөзлерине қарағанда, 2 мың жылдан берли Қытай медицинасында пайдаланылып киятырған бул тәбияттың әжайып инамы көплеген кесселиклерге ем ҳәм өмирди узайтыў қәсийетине ийе. Цистанхе импотенцияны, булшық етлердеги аўырыўларды ҳәм бөтеке кеселликлерин емлеўде, ядта сақлаў қәбилетин, иммунитетти беккемлеп, нервлерди тынышландырыўда, әсиресе, мий өспесиниң алдын алыўда теңи-тайы жоқ дәрмақ. – Бир-еки жыл алдын Арқа Кореядан, Қытайдан дәри таярлаўшылар усы өсимликти халықтан сатып алып, еллерине қалталап әкетип жүрди, – дейди Н.Мамутов. – Еситиўимше, халықаралық базарда унтақланған цистанхениң ҳәр килограммы 200-500 АҚШ долларына шекем баҳаланады.

Цистанхе сексеўил, қәндим сыяқлы өсимликлердиң тамырларында паразитлик етиўши шөп өсимликлери болып, Қарақалпақстанда 4 түри өседи. Оның сары Цистанхе түри жүзгинниң қасларында болады. Цистанхе сальса болса, сексеўил ҳәм жүзгинде, және бир түри бурынғы Арал теңизиниң  атаўларында – теңиздиң ҳәзирги қурғап қалған ултанында паразитлик етеди.

Дүнья жүзинде 500 мың өсимлик болатуғын болса, соның тек 20 мың түри азықлық сыпатында пайдаланылады. Ал, 18 мың түри дәрилик қәсийетке ийе. Цистанхе Арқа Африканың, Орайлық Азияның ҳәм Пиреней атаўларының шөлли зоналарында ғана өседи. Япония, Қытай ҳәм Қазақстан фармацевтикасы менен косметологиясында кең қолланылады. «Казинформ» сайтының хабарына қарағанда, Қазақстан халқы оны «қасқыр жеми» деп атайды. Аңшылар ҳәм көптен берли тоғайлардың жанында жасайтуғынлардың бақлаўынша, қатты қыстан шыққан ҳәлсиз қасқырлар усы өсимликтиң түбирлерин жеп, күшке киретуғыны анықланған.

Ҳәзирги ўақытта Қазақстан Орайлық Азияда цистанхени жетистирип, экспорт етип атырған бирден-бир мәмлекет болып, тийкарғы тутыныўшылар Япония, Қытай ҳәм басқа да Арқа-шығыс Азия мәмлекетлери. Қазақстанның Жамбыл ўәлаятындағы цехта жылына жүз тонналап кептирилген цистанхе жетистириледи ҳәм пүткил дүньяда қымбат баҳалы шийки зат сыпатында оған талап күшли.

Бирақ, қәнигелер Қазақстанда сексеўиллердиң жанылғы сыпатында кең түрде пайдаланылыўы ақыбетинде оларда паразитлик етиўши цистанхениң де азайып, жоғалыў алдында турғанлығын анықлаған. Бурын Россия аймағында да көплеп тарқалған бул өсимлик мәмлекетте Қызыл китапқа киргизилген.

– Қарақалпақстанымызда бундай дәрилик қәсийетке ийе, бийбаҳа өсимликлер оғада көп, – дейди Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң  тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты Өсимликлер экологиясы лабороториясының баслығы, биология илимлериниң кандидаты Халида Матжанова. – Республика аймағында 1110 түрдеги өсимлик өсетуғын болса, соның 37 проценти дәрилик қәсийетке ийе. Арал теңизиниң қурғаған ултанында 73 түрли өсимлик өсетуғыны анықланған болса, соның 13 и, Үстиртте 85, шөлли аймақларда 66 түрдеги дәрилик өсимликлер табылған. Олардан 45 ке шамалас түрлери азайып баратырған, жийи ушырасатуғын ҳәм  жоқ болыў алдында турған дәрилик өсимликлер. Мягкоплодник (бос мийўели), унаби ҳәм клоповник (пители, қандалалы) дәрилик өсимликлери Қызыл китапқа киргизилген.

Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң  тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты Өсимликлер экологиясы лабораториясының қарамағындағы 10 квадрат метр жерде ҳәм Илимлер Академиясының Ботаника бағында ҳәзирги ўақытта календула, донник, топинамбур сыяқлы 23 түрдеги жергиликли дәрилик өсимликлер үстинде илимий изертлеўлер алып барылмақта. 2012-жылдан берли Сасық Ферула, Атыз вьюнкасы, Әпиўайы гармала, Дәрилик донник өсимликлерин дәри ушын шийки зат сыпатында пайдаланыў мақсетинде республикамыз шараятында өсириў, биологиялық өзгешеликлерин үйрениў жумыслары әмелге асырылмақта. Нәтийжелер жергиликли ҳәм халықаралық илимий-әмелий конференциялардың топламларында, ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң Хабаршысында (Вестник ККО АН РУз) жарық көрди.

Сондай-ақ, жергиликли илимпазлардың изертлеўлери республикамызда   Арал теңизиниң арқа тәреплеринде басқа еллерде ушыраспайтуғын 60 тан аслам түрдеги өсимликлер бар екенлигин көрсетти. Олардан Корольков шырмаўығы, Берг ғаз пиязы, торлы ғаз пиязы, Борщов пиязы, Түркистан спаржасы, Леманна феруласы, көп пақаллы девясил жабайы өсимликлери дәрилик қәсийетке ийе.

Бүгинги күнде өсимликлерден алынатуғын дәрилик препаратлар қан-тамыр ҳәм нерв системасы, бөтеке, баўыр кеселликлери, асқазан-ишек тракти сыяқлы көпшилик кеселликлерди емлеўде ҳәм олардың алдын алыўда әҳмийетли орын ийелейди, – дейди лабораторияның илимий хызметкери Марина Орёл. – Жер жүзиндеги барлық дәрилик препаратлардың 30 проценттен асламы өсимликлерден алынатуғыны белгили. Дүнья базарындағы ҳәр үшинши препараттың дәрилик өсимликтен исленетуғыны да анық мағлыўмат. Буннан тысқары, өсимликтен исленген дәри препаратларының баҳасы көпшилик жағдайда синтетикалық препаратлардан анағурлым арзан болады.

Бизлердиң аймақларда да көпшилик кеселликлер менен гүресиўге имкан жарататуғын мәдений ҳәм жабайы дәрилик өсимликлер өседи. Соның менен бирге, санаатта жергиликли дәрилик өсимликлерден шийки зат таярлаў актуал машқала болып келмекте.

Сол себепли, экологиялық таза зоналарда дәрилик өсимликлерди егиў ушын плантацияларды жаратыў лазым. Бул жерлерде кеселликлерди емлеў ҳәм алдын алыў мақсетинде илимий және халық медицинасында көбирек қолланылатуғын дәрилик өсимликлерди өсириў ҳәм өршитиў, ен жайдырыў мақсетке муўапық болар еди.

Атап айтқанда, илимий тилде гармала деп аталыўшы әпиўайы әдираспан өсимлиги зәҳәрли болыўына қарамастан, гармалол алкалоиды, гармин, гармидин, гармалин сыяқлы психиканың бузылыў жағдайларында нәтийжели ем бола алатуғын затларға бай. Оның үстине өсимликтиң жапырақларында эфир майы көплиги себепли оннан массаж ушын майлар ислеп шығарыўда қолланыў мүмкин.  Әдираспанның туқымлары да әжайып қәсийетлерге ийе. Олар депрессияны, шаршаўды алады. Әдираспан қумларда, щебинли жолларда да өсип кете береди, сол ушын оны жетистириў көп мийнет талап етпейди. Бирақ кейинги ўақытлары тәбийғый ҳалда шығып турған әдираспанларды гүллеп атырған ўақтында жулып алыў жағдайлары көп ушырасып атыр. Бул олардың көбейиўине кесент етип, азайып кетиўине себеп болмақта. Ҳәзирше үй қапталы қыйтақ жерлеринде оны өсирип, жетистириўди қәлеўшилер табылмай атыр.

Ҳәммемиздиң атызларымызда өсетуғын петрушка, атқулақ ҳәм пәшектиң урологиялық кеселликлерге,  жоңышқа менен қусқонбастың тери кеселликлерине, назбайгүлдиң ревматизмге, үпелектиң (қойма-қошқарманың) асқазан-ишек кеселликлерине ем болатуғыны анықланған. Оларды және де көбейтсек, керек болса, қыста пайдаланыў ушын кептирип алып қойсақ, шаңарақ ағзаларымыздың денсаўлығын исенимли қорғаған болар едик.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.