Биринши мәрте Өзбекистан көлеминде жоқары оқыў орынларының бакалавр басқышы студентлери арасында 2017-2018-оқыў жылы ушын өткерилген «Өзбекистан жаслар аўқамы стипендиясы» таңлаўында жерлесимиз, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы факультетиниң 2-басқыш студенти Наргиза Балтабаева («Халық даналығы» жойбары менен қатнасып)  жеңимпаз болды.

Наргиза Балтабаева 1998-жылы 11-майда туўылған. Пайтахтымыздағы  11-санлы инталы балалар мәмлекетлик қәнигелестирилген мектептиң математика-инглис тили қәнигелигин айрықша баҳалар менен тамамлап, 2016-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қасындағы 1-санлы академиялық лицейинде оқып билим алады. Ол оқыў дәўиринен баслап, пән олимпиадаларына қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлеринен табыслы қатнасып келген.

Наргизаның бүгинги күнге шекем бир қатар илимий мақалалары илимий топламларда басылып шықты. Ол устазы, илимий басшысы, филология илимлери докторы, профессор Шәмшет Әбдиназимов пенен бирге илимий жумыслар алып бармақта.

  Мақаламыз қаҳарманының республикамыздың ғалаба хабар қуралларында 50ге жақын мақалалары жарияланған. «Жеткиншек» газетасында «Жас полиглот» жойбарының белсенди қатнасыўшысы.  Ол бос ўақтында мақала, гүрриңлерин инглис тилине аўдарма ислеў менен де шуғылланады. Қарақалпақстан телевидениесинде «Ассалам Қарақалпақстан» көрсетиўине де баслаўшылық етеди.

Ол ҳуқықтаныў пәнине де қызығады. 2015-жылы «Сиз нызамды билесиз бе?» таңлаўына  «Әдалат» топары қурамында қатнасып, «Жас бимимдан» номинациясы жеңимпазы болды. «Өзбекистан жаслар аўқамы» Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Сәрдарлар клубы» ағзасы.

Стипендияға «Халық даналығы» жойбары  менен 2 бағдар бойынша қатнастым, – дейди Н.Балтабаева. «Шуғла» жас ҳәўескерлер өнерментлер дөгереги. Онда жаслар өнер сырларын үйренеди. 2-бағдар болса «Қарақалпақ университети» газетасы жанынан ашылған «Жас фольклористлер» клубы. Онда клуб ағзалары халық ишине кирип барып, халық аўызеки дөретпелери үлгилерин жыйнайды. Сондай-ақ, бул жойбар қарақалпақ халқының бай мийраслары, соның ишинде фольклорымызды жаслар арасында үгит-нәсиятлаў, халықтың әдебий мийрасларын топлаў ушын хызмет ететуғын ҳәм усы мақсет жолында жасларды бирлестиретуғын жойбар деп ойлайман.

Мағлыўмат орнында айтып өтпекшимиз, Наргиза Балтабаева жақында өткерилген «Өзбекистан ҳаял-қызларының ең жақсы  100 инновациялық жойбары» 1-республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында өзиниң инновациялық жойбары менен белсене қатнасып, Сертификат алған еди. Ол жақында болып өтетуғын жарысқа қызғын  таярлық көрмекте.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы