Президентимиздиң басламасы бойынша Өзбекистан мусылманлары басқармасы тәрепинен өткерилип атырған «Қуран жарысы» бойынша илажлар даўам етпекте.

25-январь күни Тақыятас қаласындағы «Сары ийшан» мешитинде жарыстың екинши аймақлық басқышы болып өтти.

Оған Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели, Тақыятас районлары турғынларынан ибарат жарыс қатнасыўшылары, мешитлердеги имам-хатиблер, имам-найыплар ҳәм Қуран қирәәти бойынша тәжирийбеси бар 18-40 жас аралығындағы  пуқаралар қатнасты.

Жарыстың тиләўат бағдары бойынша еркеклер арасында 18-25 жас аралығында Тақыятас районынан Ш.Нуриддинов биринши, Қанлыкөл районынан А.Наймов екинши, Хожели районынан Ж.Абдиразиев үшинши,  26-40 жас аралығында Шоманай районынан З.Сапашев биринши, Тақыятас районынан Я.Жумамуратов екинши, Хожели районынан А.Алланиязов үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жуўмағында қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды ҳәм оларға келеси басқышта қатнасыў ушын жоллама берилди.

Ендиги аймақлық басқыш Елликқала, Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний районларында жасайтуғын жарыс қатнасыўшылары арасында Елликқала районы Бостан қаласындағы «Муҳаммед Нарынжаный» мешитинде болып өтеди ҳәм жеңимпазларға жарыстың республикалық басқышына жоллама бериледи. Ол март айында болып өтеди.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.