Муҳим воқеа: Қорақалпоғистон кенгликларида янги газ конлари топилди

2018-жыл елимиздиң нефть-газ тараўы әҳмийетли ўақыя менен басланды. Үстирт регионының Сүргил майданында газ конденсатының жаңа санаат резервлери табылды. Бул туўралы «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Кәнди излеў жумыслары Президентимиздиң  2017-жыл 2-февральдағы «Өзбекистан Республикасының нефть ҳәм газге бай Үстирт аймағында геология-қыдырыў жумысларын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде алып барылды. Оған муўапық, «Өзбекгеофизика» акционерлик жәмийетиниң қәнигелери Үстирт тегислиги жер асты углеводородлар қыдырыў жумысларын кеңейтти.

Үстирт үлкеси – мийримсиз аймақ. Қыстың суўық ызғырығы, жаздың жәзийрама ыссысы, суўдың жоқлығы оны әмелде жасаўға жарамсыз етеди. Бирақ, бул өнимсиз жерге келген изертлеўши-геологлар бул жерден тәбийғый байлықлар – углеводород кәнлерин тапты.

Аймақтың қолайсыз ықлым шараятының ҳәм температураның кескин өзгериўине қарамастан, қәнигелер 1-бураўлаў минарасын орнатты ҳәм дәслепки қудықты қурды. Елимиздиң изертлеўши-геологларының шамалаўы толық тастыйықланды – қудықтан биринши газ кубометри шықты. 2018-жылдың басында өткерилген таў-геофизика жумысларының нәтийжесинде  3600 метр тереңликте газ ҳәм конденсат бар екенин табыўға еристи.

Елимиздиң нефть-газ санаатын раўажланыў бағдарламасында Сүргил кәни айрықша әҳмийетке ийе. Оны қазыў, өндириў көлемин кеңейтиў ҳәм бай ресурсларды қайта ислеў инфраструктурасын раўажландырыўға итибар қаратылмақта.

Жақын күнлерде қәнигелер тәрепинен углеводород резервлери өсиминиң баҳасы бериледи ҳәм Төменги Сүргил кәнинде геология қыдырыў жумысларының соңғы басқышлары бойынша усыныслар таярланады.

Анвар НАСИРЛАЕВ,

ӨзАның хабаршысы