Жақында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте әмелге асырған оператив илаж даўамында бир неше пуқаралардың қурал-жарақларды нызамсыз түрде сақлап атырғанлығын анықлады.

Атап айтқанда, Нөкис районында пуқара Қ.Д.ның турақ жайы тийисли тәртипте тексерилгенде, үйиниң артқы тәрепинде жайласқан малханасы жанындағы қамыслар арасында ҳеш қандай ҳүжжетсиз 2 дана аў мылтығы, 23 дана гильза, 34 дана капсюль нызамсыз түрде жасырын сақлап қойылған екен.

Сондай-ақ, Қоңырат районында өткерилген оператив илажларда пуқара А.А.ның турақ жайы да көзден өткериледи. Оның үйинде калибри 16 миллиметрли 1 дана аў мылтығы ҳәм 3 дана гильза нызамсыз түрде сақлап қойылғаны анықланды.

Ал, Кегейли районында жасаўшы пуқара А.Т.ның үйинде 1 дана еки стволлы аў мылтығы ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз сақланып атырған екен.

Қарақалпақстан темир жол станциясында 324-санлы Волгоград-Ташкент жолаўшы поезди бажыхана тексериўинен өткерилгенде, республикамыз пуқарасы Б.П. жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген 9 килограмм аў мылтығының дробларын нызамсыз түрде Россия Федерациясынан Өзбекистан Республикасына алып киятырғаны анықланды.

Усы анықланған фактлер бойынша ҳуқықбузыўшыларға суд тәрепинен тийисли шара көрилди.

– Улыўма алғанда усы жылдың өткен дәўири ишинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен басқа ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен биргеликте алып барған илажлар нәтийжесинде қурал-жарақ, оқ-дәрилерди бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз түрде алып өтиў, усы сыяқлы тийисли рухсатнамаларсыз өз үйлеринде сақлаў менен байланыслы бир неше нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған.

Нәтийжеде 6 дана оқ атар қуралы, 15 дана оқ,  103 дана гильза, 10 килограмм дробь, 2124 дана капсула, 26 грамм порох, 496 дана пневматикалық патрон, 912 дана пневматикалық оқлардың капсуласы, 1 дана газ баллонлы пистолет, 13 дана электрошокер айғақлы зат ретинде алып қойылды,-дейди басқарманың ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары аға инспекторы, бажыхана хызмети аға лейтенанты Ж.Сапарбаев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги