Қарақалпақстан Республикасында өткен 2017-жыл даўамында 476 жолтранспорт ҳәдийсеcи жүз берген болса, соннан 427 адам түрли дәрежедеги дене жарақатын алған, 133 адам қайтыс болған. Соннан 67 ҳәдийсе балалардың қатнасында болып, 12 бала қайтыс болған, 58 бала дене жарақатын алған. Быйылғы жылдың өзинде 15 жолтранспорт ҳәдийсеcи жүз берди. Соның ақыбетинде 13 адам жарақат алған болса, 15 адам қайтыс болды. Көрилип атырған илажларға қарамастан, республикамыз аймағында жолтранспорт ҳәдийселери азаймай атыр.

Бул ҳаққында Арқа-Батыс әскерий округинде өткерилген қыс айларында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға бағышланған оқыў-семинарында атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол-ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға әскерий айдаўшылар, жеке меншик автомототранспорт қураллары бар әскерий хызметкерлер қатнасты.

Илажда Нөкис әскерий автомобиль қадағалаўы инспекциясының баслығы А.Ядгаров, Жол-ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы бөлим баслығының орынбасары Р.Мадреймов, усы басқарманың аға инспекторы Қ.Муратов шығып сөйлеп, республикамыз аймағында жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселери ҳәм оның келип шығыў себеплери, жол-ҳәрекети қағыйдаларына киргизилген соңғы өзгерислер, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 2-марттағы  «Миллий айдаўшылық гүўалығын және автомототранспорт қуралларын дизимнен өткергенлиги гүўалығының жаңа үлгисин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол-ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы менен биргеликте жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўдан ибарат,-дейди Нөкис әскерий автомобиль қадағалаўы инспекциясының баслығы А.Ядгаров. Соның менен бирге, әскерий айдаўшыларға, жеке меншик автомототранспорт қураллары бар әскерий хызметкерлерге жол-ҳәрекети қағыйдаларына киргизилген соңғы өзгерислер бойынша кең түрде түсиник бериў болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги