Өзбекистан Республикасы салық ҳәм бюджет сиясатының 2018-жылғы тийкарғы бағдарларынан келип шығып, салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер менен қосымшалардың мазмун-мәнисин халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткериў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Оған тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, қалалық ҳәм районлық салық инспекцияларының басшылары, исбилерменлик субъектлери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Сариев басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы А.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының бөлим баслығы Н.Назарбаев, Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Салық ҳәм валютаға байланыслы жынаятларды, жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы баслығы Р.Садықовлар шығып сөйлеп, салық нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиниклер берип өтти.

Президентимиз тәрепинен белгиленген салық жүгин азайтыў, салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы талаплар быйылғы жылдың салық бюджет сиясатында да өз көринисин тапқан.

Атап айтқанда, 2017-жыл 29-декабрьде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасының быйылғы жылдың тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери болжаўы ҳәм Мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳаққында»ғы қарары ҳәм «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2018-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларының қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы  нызамы қабыл етилди. Усы нызам менен және үш нызамға, соның ишинде, Салық кодексиниң 47 статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Усы жылдың 1-январынан баслап дәрамат салығы және абаданластырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў салығы бирлестирилип, салық ставкасы 15,5 процент орнына 14 процент етип белгиленди.

Бюджжеттен тысқары Пенсия қорына, Республикалық жол қорына және Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорына мәжбүрий ажыратпалар, бирден-бир төлем түрине – мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларға бирлестирилди ҳәм улыўма салық ставкасы 3,5 проценттен 3,2 процентке шекем азайтылды.

Бирден-бир салық төлеми бойынша өткен жылдағы салық ставкалары сақланып қалынды ҳәм таярлаўшы шөлкемлердиң жумысы көтере саўдаға теңлестирилип ҳәм салық ставкасы товар айланысынан 4 процент муғдарында белгиленди. Физикалық шахслардың дәрамат салығы бойынша үшинши ҳәм төртинши шкаладағы ставкалары 0,5 процентке азайтылып 16,5 ҳәм 22,5 процент етип белгиленди, сондай-ақ, пуқаралардың жеке топланып барылатуғын пенсия есап бетлерине өткерилетуғын мәжбүрий төлем суммасы 1 проценттен 2 процентке көбейтилди.

Сондай-ақ, семинар қатнасыўшыларына физикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық ставкалары, Президентимиздиң 2017-жыл 18-июльдеги «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен белгиленген нормалар, салық кодексиниң айырымстатьяларына киргизилген өзгерислер, жаңадан киргизилген ставкалар, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде Салық кодекси инсаплы салық төлеўшилерге салық төлеўге шекем енгизилген мәселелерди шешиўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериў арқалы олардың ҳәм салық уйымлары арасында кеңейтилген мәлимлеме алмасыўын нәзерде тутатуғын салық мониторингин енгизиўди белгилеп беретуғын жаңа Салық мониторинги бабы бойынша да түсиниклер берилип, пикир усыныслар билдирилди.

Илажда жеке тәртиптеги исбилермен статусын жоғалтқан ҳәм алдын исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы нәтийжесинде жүзеге келген салық қарыздарлығына ийе болған пуқараларға – физикалық шахсларға банкротлықты қолланыўы белгиленип, бул бағдарда Пуқаралық кодексиниң 26-статьясына, Салық кодексиниң 62-статьсына ҳәм «Банкротлық ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының 27 статьясына өзгерислер менен қосымшалар киргизилгенлиги де атап өтилди.

Семинар барысында исбилерменлик субъектлери ўәкиллерин қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.

Илажда басқаларға үлги көрсетип, исбилерменлик жумысы даўамында салықларды ўақтында төлеп киятырған бир топар физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, сондай-ақ, салық нызамшылығындағы жаңалықларды исбилерменлик субъектлери менен халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы жумысы ушын бир қатар ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине Мәмлекетлик салық басқармасының Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги