Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың 80 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Дәслеп Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илаж қатнасыўшылары Ислам Кәримовтың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған «Ғәрезсизлигимиздиң қурыўшысы» ҳүжжетли фильмин тамаша етти.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, елимиздиң Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың ана Ўатанымыздың келешеги, ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы уллы тарийхый хызметине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында пүткил елимиз бойлап   кең көлемли илажлар өткерилмекте.

Биринши Президентимиз өзиниң пүткил өмири ҳәм хызмети даўамында «Бизден азат ҳәм абат Ўатан қалсын!», «Елим деп, журтым деп, жанып жасаў керек» деген уллы идеяларды алға қойып, келешек әўлад ушын ибрат мектебин жаратты. Ҳақыйқый жетекши сыпатында өз Ўатанын жанынан артық көретуғын,  пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўды өмириниң баслы мақсети деп билетуғын еди. Сонлықтан да  көп миллетли халқымыздың жүрегинен терең орын алды.

Өзиниң көп қырлы сиясий жумысы, уллы инсаныйлық пазыйлетлери менен Ўатанымыздың көп әсирлик тарийхында өшпес из қалдырды. Ол тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүнья көлеминде үлкен ҳүрмет ҳәм абырой-мәртебеге ийе болған уллы шахс ҳәм ғайраткер сыпатында танылды.

Биринши Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да қысқа дәўир ишинде әсирге татырлық реформалар әмелге асырылды. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап қала ҳәм районларымыз, шетки аўылларымыз жаңаша түске енди, заманагөй кәрханалар, социаллық тараў объектлери бой тикледи, коммуникация тармақлары қурылды. Арал  апатшылығының ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған бир қатар қайырлы ислер алып барылды.

Ислам Әбдиғаниевичтиң тиккелей басламасы менен Үстирт әжайыбаты саналған «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы иске түсирилген болса, 2015-жылы тараўдағы ең ири жойбар, улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан зыят болған Үстирт газ-химия комплекси пайдаланыўға тапсырылды. Дүнья жүзиниң мыңлаған туристлерин өзине қаратып киятырған «Саҳрадағы Лувр» аты менен жәҳәнге танылған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң жаңа имаратлары қурылды.

Биринши Президентимиздиң басшылығында пайтахтымыз Нөкис қысқа ўақыт ишинде заманагөй, шырайлы қалалардың бирине айланды. 2014-2016-жыллар даўамында Нөкис қаласы менен Беруний районының орайында 50 ден зыят көп қабатлы турақ жайдың қурылысы питкерилген болса, аўыллық жерлерде үлги жойбарлар бойынша  бир қатар турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды, Саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў мақсетинде, Балалар спортын раўажландырыў қорының есабынан 2009-2016-жыллар даўамында 7 жаңа спорт комплекси, мектеплердиң жанында 58 жаңа  спорт залы, 8 спорт майданшасы, 4 жүзиў бассейни қурылды ҳәм реконструкцияланды. Соңғы жети жыл ишинде жәми 3 мың орынға мөлшерленген 20 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби пайдаланыўға берилди.

Республикамыз халқы Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың «Мен тек ғана өзбек халқының емес, ал қарақалпақ халқының да перзентимен!»,-деген шын жүректен шыққан сөзин ҳәр дайым мақтаныш пенен еске алады.

Илажда Өзбекистан Илимлер академиясының академиги С.Рашидова, Өзбекистан Республикасына мийнет сиңген көркем өнер ғайраткери Т.Кузиев, И.Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернатының оқыўшысы А.Қалыбаева, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Г.Аннақлышева,  Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик фондының департамент басшысы Б.Убайдуллаев, Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексиниң хызметкери У.Азизов,  Қарақалпақстан Республикасы «Нураний» қорының баслығы Ш.Уснатдинов уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, халқымыздың әдиўли перзенти Ислам Кәримовтың тарийхий қысқа дәўирде елимизди раўажланған мәмлекетлер қатарына қосыўдағы, сондай-ақ, жас әўладтың бахытлы келешеги жолындағы хызметлерин еске түсирди.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президентиниң өмирлик жолдасы Т.Каримова шығып сөйлеп, экологиялық апатшылық аймағында жасап атырған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў жолындағы хызметлерине,  халқымыздың бийтәкирар мәденияты, әдебияты менен көркем өнерине болған айрықша ҳүрметине тоқтап өтти ҳәм илаж шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.

Кеше республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.