Өзбекистан Республикасы менен Беларусь Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 2018-жыл 21-январь күни 25 жыл толыўы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бир-бирин қутлықлады.

Беларусь Президенти Александр Лукашенконың хатында былай делинеди: «Беларусь Республикасы менен Өзбекистан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жыл толыўы мүнәсибети менен қутлықлаўымды қабыл еткейсиз».

Беларусь басшысы Беларусь – Өзбекистан бирге ислесиўи көплеген әҳмийетли бағдарларда избе-из раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өткен.

Александр Лукашенко «өз-ара келисимге, исеним менен ҳүрметке тийкарланған мәмлекетлераралық әмелий сөйлесиў буннан былай да елимизди турақлы раўажландырыў және беларусь ҳәм өзбек халықларының абаданлығы жолында беккемленип бара береди», деп исеним билдирген.

Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев өз хатында беккем дослық байланыслары, өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў, улыўмалық мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған Өзбекистан – Беларусь бирге ислесиўиниң бүгинги дәрежесин елимиз жоқары қәдирлейтуғынын атап өткен.

«Биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримизди ҳәм көп қырлы бирге ислесиўимизди кеңейтиўге болған өз-ара умтылыў себепли биз қысқа пурсатта анық нәтийжелерге еристик», делинген хатта.

«Өзбекистан менен Беларусь арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, оны анық әмелий мазмун менен байтыў ушын алдымызда бирге ислесиўимиздиң бар потенциалын толық иске қосыўдай әҳмийетли ўазыйпа тур, – деп атап өткен мәмлекетимиз басшысы. – Усы мәнисте, Сизиң Өзбекистанға сапар етиўиңизди интизарлық пенен күтип атырман. Бул бизге өз-ара қатнасықларымыздың барлық бағдарларын ҳәр тәреплеме додалаў, сондай-ақ, жақын жылларға мөлшерленген бирге ислесиўимиздиң перспективалы бағдарлары менен жойбарларын белгилеп алыў имканиятын беретуғынына гүман жоқ».

ӨзА