Тақыятас районында усы жылдың 11-13-январь күнлери спорттың қол урысы түринен Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги болып өтти.

Жарысқа қала ҳәм районлар жас өспиримлер және қызлар командалары қатнасты.

2002-2004-жылларда туўылған қызлар арасында өткерилген жарыста Қанлыкөл районы Балалар жас өспиримлер спорт мектебиниң оқыўшысы Тилеўбергенова Гүлдана 46 кг, Тилеўмуратова Меҳрибан 39 кг салмақ категориясында қатнасып, сыйлы 1-орын жеңимпазы болды ҳәм алтын медальға миясар болды.

2005-2007-жылы туўылған жас өспиримлер арасында өткерилген жарыста Өтеўлиев Саламат 30 кг, Атаниязов Азизбек 37 кг салмақ категориясында 2-орынға, яғный гүмис медальға, Хожабаев Максим 33 килограмм, Жақсылыкова Умида 60 килограмм  салмақ категориясында 3-орынға ылайық табылып, қола медаль менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги