Президентимиз Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық реформалардың барысы, бәринен бурын белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысыў мақсетинде 19-январь күни Сурхандәрья ўәлаятына келди.

Сурхандәрья ўәлаяты үлкен экономикалық имканиятлары, географиялық ҳәм транспорт потенциалы менен елимиз турмысында әҳмийетли орын ийелейди. Ўәлаяттың жер асты ҳәм жер үсти байлықларынан нәтийжели пайдаланыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар аймақтың санаат потенциалын арттырып, экспортқа қолайлы таяр өнимлер ислеп шығарыўға хызмет етип атырған болса, аграр тармақта жүз берип атырған өзгерислер халықтың молшылық, абат турмысын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 10-11-февраль күнлери ўәлаятқа сапары ўақтында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде заманагөй технологиялар менен үскенеленген кәрханалар иске түсирилип, көплеген жаңа түрдеги өнимлерди таярлаў жолға қойылды. Сервис ҳәм хызмет көрсетиў тармақлары жаңа басқышта раўажланыўға бет бурды. Көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириўге итибар және де күшейди.

Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапарын Термиз районындағы «Inter Silk Pro» қоспа кәрханасына қараслы пиллехана менен танысыўдан баслады. Бул жерде Қытай технологиясы тийкарында пилле жетилистирилип, қайта ислеў тармақларына жеткерип берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 29-марттағы қарары тийкарында «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы шөлкемлестирилген еди. Ассоциация тәрепинен бүгинги күнде тармақты жедел раўажландырыў мақсетинде тараўға инновациялық идеялар менен технологиялар енгизилмекте.

Алдынғы шет ел тәжрийбелери тийкарында 2017-жылы қурылған пиллеханада плёнка астында және жасалма дәстелерде санаатқа қолайлы шийки зат жетистириледи. Онда жапырақтан пайдаланыў 30 процентке азайып, соның менен бирге, биринши-екинши жастағы наўқан қурты бағылып, бөлип алыўшыларға тарқатылады. Жасалма дәстелердиң абзаллығы сонда қурт пиллени стандарт жағдайда орайды.

5 гектарлық қуртханада 10 адам турақлы, 70-75 адам мәўсимлик жумыс ислейди. Бул жерде 100 бас қус, 50 қуты пал ҳәрре, сондай-ақ, қара маллар, қоян бағылмақта.

Бул жердеги тутзар да инновациялық усылда 0,90х0,20 схемасы тийкарында шөлкемлестирилген. Онда бир гектарға 55 мың түптен аслам тут нәли отырғызылады және жылына үш мәрте жапырақ алынады. Усы тийкарда ўәлаятта жылына 2-3 мәрте пилле жетистириў имканияты пайда болмақта.

Президентимиз «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы шөлкемлестирилгеннен соң пиллешилик тараўын раўажландырыў бойынша унамлы қәдемлер тасланып атырғанын атап өтти. Тармақта ерисилип атырған табысларда тараў ушын пуқта ҳуқықый тийкар жаратылғаны әҳмийетли фактор болмақта.

Өткен жылы пилледен елимизде биринши мәрте тәжирийбе түринде үш мәрте пилледен өним алыўға ерисилди. Барлық аймақларда қуртхана комплеслери қурыла басланды. Ҳәзирги күнде Сурхандәрья ўәлаятында 51, елимиз бойынша 151 пиллехана бар.

Шавкат Мирзиёев келеси бес жылда пиллеханаларды 10 мыңға, пилле экспортын жылына 1 миллиард долларға жеткериў зәрүрлигин атап өтти. Бул ушын бар тутзарлардың бәршеси «Өзбекжипексанаат» ассоциациясына бериледи. Ҳәр бир тутзарда биреўден пиллехана қурылады. Туттың  қатар араларына аўыл хожалық егинлери егиледи.

Ўәлаяттың өткен жылы пиллешиликте жоқары нәтийжеликке ерискен белсенди пиллекешлерине Президентимиздиң саўғасы сыпатында 12  «Damas» автомобили және еки аўыл хожалық техникасы тапсырылады.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта аўыл хожалығын раўажландырыў, теплицалар, анар, ғоза  тереклерин, интенсив бағ ҳәм жүзимзарлар, кузиния ҳәм айғабағар плантацияларын, балықшылық ҳәм қусшылық комплекслерин шөлкемлестириў, жер өлшеўде дронлардан пайдаланыў сыяқлы жойбарлар менен таныстырыў мәресими өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын аўыл хожалығында интенсив технологиялар тийкарында перспективалы жойбарларды избе-из әмелге асырыў, халықаралық қаржы шөлкемлериниң кредит қаржыларын тартқан ҳалда мийўе-овощ, шарўашылық ҳәм басқа да тармақларды раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, шет елли инвесторлар менен бирге ислесиўди кеңейтиў, ўәлаятта жаңа тармақларды өзлестириў есабынан экономиканың турақлылығын беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде Россия, Австрия, Израил ҳәм басқа да мәмлекетлердиң исбилерменлери менен ўәлаяттағы инвестициялық жойбарлар бойынша бирге ислесиў жумыслары басланған. Президентимиз исбилерменлер менен сәўбетте елимизде исбилерменликти раўажландырыў, валюта базарын жетилистириў ҳәм шет елли инвесторлардың мәплерин қорғаўға қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде сыртқы базарда Өзбекистанның шериклери көбейип атырғанын, Сурхандәрья ўәлаятында да олар ушын қолайлы имканиятлар бар екенин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа буннан алдынғы сапар етиў ўақтында балық, мәйек ҳәм қус гөшин жетистириў, шарўашылықты раўажландырыў ҳәм халықты сапалы өнимлер менен тәмийинлеў бағдарындағы жойбарлар менен танысып, зәрүр усыныслар берген еди. Таныстырыў ўақтында, әне, усы жойбарлардың орынланыўы ҳәр тәреплеме додаланды. Боботоғ тоғай хожалығы жерлеринде айғабағар, бадам ҳәм ғоза атызларын, кузиния плантацияларын жаратыў, «өсимликлер клиникасы»н шөлкемлестириў арқалы қыйтақ жерде жетистирип атырған мийўе-овощ өгинлерин зыянкеслерден сақлаў сыяқлы жойбарлар бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берилди.

Президентимиз Ҳаким Термизий мавзолейин зыярат етти. Зыярат етиў ўақтында Қазақстанның Ақтөбе ўәлаятында ўатанласларымыз қайтыс болғанынан терең қайғыда екенин айтып, олардың жақынларына кеўил айтты.

Марҳумларға Қуран оқылды.

Шавкат Мирзиёев «ASG Group» кәрханалар ассоциациясына қараслы «Жарқўрған мийўе-овощ экспорт» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Бүгинги күнде «ASG Group» кәрханалар ассоциациясы қурамында 18 кәрхана жумыс алып барады. Олардың 6 ўы Сурхандәрья ўәлаятында шөлкемлестирилген. Бул кәрханалар аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, терең қайта ислеў ҳәм оны экспорт етиў менен шуғылланады. 2016-2017-жылларда Қытай, Аўғанстан, Пакистан, Вьетнам, Бирлескен Араб Әмирликлери, Малайзия, Түркия ҳәм ҒМДА еллерине 74 миллион долларлық аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты әмелге асырылған. Быйыл экспорт көлемин 150 миллион долларға жеткериў мөлшерленбекте.

Ҳәзирги ўақытта Сурхандәрья ўәлаятында «ASG Group» кәрханалар бирлеспесине қараслы 2 аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислейтуғын логистика орайы жумыс алып бармақта. Келешекте Денаў, Сариосиё, Олтинсой, Ангор, Музработ районларында да ири логистика орайларын иске түсириў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысына «Жарқўрған мийўе-овощ экспорт» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Денаў районында 2018-жылы шөлкемлестирилетуғын картошканы Франция интенсив технологиясы тийкарында жетистириў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди. Франциядан биринши әўлад картошка туқымлары алып келинип, 2 мың гектар жерге егиледи. Тамшылатып суўғарыў усылы енгизиледи. Онда суў ресурсларынан пайдаланыў төрт есеге үнемлениўине ерисиледи. Бир гектар жерден кеминде 50 тонна зүрәәт алыў мүмкин.

Жойбардың баҳасы 240 миллиард сум. 60 миллиард сумы кәрхананың өз қаржысы, 180 миллиард сумы банк кредити болып табылады. Жойбар толық әмелге асқаннан соң 1,5 мың жумыс орны жаратылады.

Президентимиз аўыл хожалығына илимий тийкарда қараў жоқары нәтийжелиликке ерисиўде, халықтың абаданлығын арттырыўда тийкарғы фактор болатуғынын атап өтти. Тараўға интенсив технологияларды буннан былай да кеңирек енгизиў бойынша жуўапкер адамларға көрсетпелер берди.

«Ангор Сурхан ғурури» тәрепинен тоқымашылық кластерин шөлкемлестириў жойбары да усынылды.

Онда 3,5 мың гектар жерге жоқары рентабельли интенсив талшықлы пахта сортларын жетистириў мөлшерленбекте. Жоқары технологиялар тийкарында зүрәәтлиликти 50-60 центнерге арттырыў, зүрәәтти терең қайта ислеп, таяр өним ислеп шығарыў нәзерде тутылмақта. Бул кәрхана тәрепинен 40 гектар жерге лимон, шабдал, қулпынай, көк шөп жетистириў бойынша теплицалар шөлкемлестириў жойбары ҳаққында да мағлыўмат берилди. Бул халықтың дәраматларын арттырыўға, бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

«ASG-Surxon export-import savdo» кәрханасы тәрепинен боз ҳәм суўғарылмайтуғын жер майданларында тамшылатып суўғарылатуғын интенсив бағлар шөлкемлестириў жойбары менен де таныстырыў  өткерилди. Алынған өним қайта исленип экспортқа жибериў мақсет етилген.

Бул бағдарда 2018-жылы 900, 2019-жылы 1 мың 150 гектар жерде интенсив бағлар жаратылады. Ҳәзирги ўақытта әмелий жумыслар баслап жиберилген. АҚШ, Израил ҳәм Түркиядан қәнигелер тартылған. Режелестирилген 9 қудықтан 3 инде бураўлаў жумыслары жуўмақланды.

Усы жерде Термиз қаласының бас режеси тийкарында көп қабатлы жайлар, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Аталар шайханасы, мешит қурыў, «Хўжаипок» районлараралық ишимлик суўын ислеп шығарыў, заманагөй канализация тармақларын тартыў, ўәлаятта көп қабатлы турақ жайларды оңлаў, турақ жай мүлк ийелериниң жумысын жетилистириў, Денаў қаласының Шараф Рашидов көшесин қайта қурыў, көше әтирапында көп қабатлы турақ жай қурыў жойбарлары ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы халықты турақ жай менен тәмийинлеў турақлы итибарда болыўы лазымлығын атап өтти. Қурылып атырған жайлардың баҳасын еле де арзанлатыў, бул ушын жергиликли қурылыс материалларын ислеп шығарыўды және де көбейтиў керек, деди Президентимиз.

Термиз қаласының бас режеси шеңберинде 30 жети қабатлы жайдың қурылыўы белгиленген еди, халықтың талабы есапқа алынып, Президентимиздиң көрсетпеси бойынша және 32 жети қабатлы жай қурылатуғын болды. Сондай-ақ, ишимлик суўы бойынша нәзерде тутылған жойбарды мүмкиншилиги болғанынша тезирек әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев Ангор районындағы «Bio texno eco» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң турмыслық шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў заводының жумысы менен таныстьы.

Завод Термиз қаласы, Термиз ҳәм Ангор районларынан шығындыларды жыйнаў, сортлаў, қайта ислеў және олардан таяр өним ислеп шығарыўға қәнигелескен. Бул жерде қурылыс-монтажлаў жумыслары, алдынғы технологияларды орнатыў, арнаўлы шығынды тасыў техникаларын сатып алыў ушын 8  миллион доллардан аслам қаржы жумсалды.

Кәрхана жылына 182 мың тоннадан аслам шығындыны сортлап, қайта ислеў қуўатлығына ийе. Бул жерде пайдаланылған пластмассадан полиэтилен қубырлар, шийшеден мозаика ҳәм плиткалар, ағаштан брикет, қағаз шығындысынан картон ҳәм қағаз, азық-аўқат шығындысынан биогаз және биогумус ислеп шығарылады. Кәрхана усы жыл январь айының ақырында жумыс баслаўы режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта 150 адам жумысқа қабыл етилген. Завод толық ислеп баслағаннан соң, және 250 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта гидроэнергетика, көмир санааты ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыў жойбарлары менен таныстырыў мәресими де өткерилди.

Байсун районында жайласқан «Марказий» ҳәм «Шарқий» участкаларында тас көмир қазып алыўды шөлкемлестириў жойбарының салыстырма баҳасы 50 миллон долларды қурайды. Оны 2020-жылы пайдаланыўға тапсырып, жылына 450 мың тонна көмир қазып алыў мөлшерленбекте. Бул жойбардың өзлестирилиўи таўлы районда 320 адамның бәнтлик мәселесин шешеди.

«Өзқурылысматериаллары» акционерлик жәмийети ўәлаятта жаңа санаат кәрханаларын қурып, заманагөй қурылмалар ушын таяр қурылыс материалларын ислеп шығарыўға итибарды күшейтпекте. Акционерлик жәмийети 2018-2019-жылларда цемент ислеп шығаратуғын еки кәрхананың жойбарын қоллап-қуўатламақта. Ўәлаятта бай резервке ийе қамысты қайта ислеп, плиталар таярлаўды хошаметлеп атыр. Жойбарлар әмелге асса, 2 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады. 161,4  миллиард сум бюджетке түсимлер түсиўи тәмийинленеди.

Музработ районында «Surxon KSP Grand» ЖШЖ тәрепинен қамыстан ҚЖП ҳәм ЛҚЖП (ДСП) өнимин ислеп шығарыў комплекси шөлкемлестирилип атырғаны нәтийжесинде ўәлаят аймағында өсетуғын қамыс қайта исленип, қурылыс объектлери ушын зәрүр арзан ҳәм сапалы таяр өним ислеп шығарыў жолға қойылады. Жылына 150 мың квадрат метр қамыс жоңқалы ҳәм ламинация етилген плиталар ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болады. Кәрхана толық қуўатлылық пенен иске түскеннен соң 400 адам турақлы, 5 мың адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленеди.

Шерабат районындағы Жерданак кәнинен алынатуғын минерал байлықларды қайта ислеп шығарыў комплексин шөлкемлестириў жойбарын ўәлаяттағы «Сурхан Термиз Чинни», «Сурхан Каолин» ҳәм «Surxon-Keramiks» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери әмелге асырады. Атап айтқанда, «Сурхан Термиз чинни» ЖШЖ жойбарының улыўма баҳасы 12,5 миллард сум. Оның 8,5 миллиард сумы коммерциалық банклердиң кредит қаржысы болып, жылына 6 миллион данадан аслам фарфор ислеп шығарыў жолға қойылады. «Сурхан Каолин» жәмийети тәрепинен әмелге асырылыўы нәзерде тутылып атырған жаңа жойбар жылына 20 мың тоннаға шекем түрли минерал байлықларды қайта ислейди. Бул жерде байытылған импорт орнын басатуғын таяр өним елимиздиң фарфор буйымларын ислеп шығарыўшыларына және ыссылыққа шыдамлы гербиш ҳәм плита ислеп шығаратуғын кәрханаларға, соның ишинде, Surxon-Keramiks» жәмийетине жеткерип бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы Шерабад районында «Euro med plus» жеке меншик диагностика ҳәм емлеў орайының жумысы менен танысты.

Елимизде жеке меншик медицинаның раўажланыўына қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде алыс аўыл халқына да заманагөй, жоқары технологиялы диагноз қойыў ҳәм емлеў имканияты жаратылмақта.

Усы күнлерде пайдаланыўға тапсырылған бул медицина мәкемеси компьютер томография, санлы рентген, ультрасес тексериўи, видеогастроскоп, видеокольпаскоп үскенелери менен тәмийинленген. Сондай-ақ, наўқасларды ультрасес, электр, магнит, лазер менен емлеў, омыртқа қуяң кеселин тракцион созыў жолы менен саламатландырыў имканиятлары бар. Келешекте усы жерде хирургиялық әмелиятларды жолға қойыў да нәзерде тутылмақта.

Енди қыстаўлы жағдайларда наўқаслар Термиз қаласындағы медициналық орайларға барып келиў тәшўишинен қутылды. Егер 182 мыңнан аслам халық жасайтуғын Шерабад, сондай-ақ, қоңсылас Музработ, Байсун, Ангор, Қизриқ районларында тез ҳәм анық диагноз қойыўда зәрүр болған заманагөй үскенелер жетиспеўин есапқа алсақ, бул медициналық орынның жумысының әҳмийети және де айқын көринеди.

Бул орайда медицина колледжлериниң оқыўшылары ушын әмелият орайы шөлкемлестирилген болып, олар бул жерде теориялық билимлерин әмелиятта беккемлейди.

Мәмлекетимиз басшысы клиниканың имканиятлары менен танысып, усы емлеў орны менен пайтахтымыздағы «Akfa Medline» клиникасы арасында бирге ислесиўди, тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев районның Тарақлы мәҳәллесинде де болып, «Покиза» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жумысы менен танысты.

Исбилермен Абдиқодир Норбеков қурған бул мәкемеде шараятлар мектепке шекемги жастағы балалардың дүнья қарасын қәлиплестириў ушын ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм ықшам етип үскенеленген.

Мәмлекетимиз басшысы бақшада кишкенелер ҳәм педагог-тәрбияшылар ушын жаратылған шараят, тәрбия процеси қалай жолға қойылғаны менен қызықсынды. Бул жерде кишкенелердиң саламат болып өсиўи ушын имканиятларды және де кеңейтиў, жабық жүзиў бассейнин қурыў зәрүрлигин атап өтти. Районда халықтың талап-тилеклерин есапқа алып, және 10 мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин қурыў ҳәм балаларды оларға қамтып алыўды кеңейтиў бойынша тийисли көрсетпелер берди. Бақшалардың қурылысы ушын «Өзмиллийбанк» тәрепинен 25 миллиард сум кредит ажыратылады.

Президентимиз Иса Термизий мавзолейин зыярат етти. Усы зыярат етиў орны жанында қурылған мешитке кирип көрди. Мәмлекетимиз басшысының ўәлаятқа алдынғы сапары ўақтында режелестирилген бул мешит кең ҳәм жақты етип қурылған.

Президентимиз бундай ийгиликли ислерден Термизий бабамыздың руўхы шад болатуғынын, бул жерге келген адамның руўхы оянып, исеними беккемленетуғынын атап өтти.

Қизириқ районы орайында Сурхандәрья ўәлаяты белсендилериниң мәжилиси болып өтти. Онда ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин арттырыў, жас әўладты тәрбиялаў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына 1-кунги сапары усынын менен жуўмақланды.

ӨзА