Жақында «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты арқалы кирип келген қоңсы республика пуқарасы Д.Боймадовтың уялы телефонлары көзден өткерилгенинде 17 дана диний мазмундағы видео, 136 дана диний мазмундағы фото,  11 дана порнографиялық мазмундағы видеофайллар, сондай-ақ, усы пост арқалы кирип келген пуқара А.Байжановтың жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, өзиниң уялы қол телефонында диний догматизмди үгит-нәсиятлаўшы 1 дана видеофайл бар екенлиги анықланған.

Жоқарыда атап өтилген ҳуқықбузарлық ҳалатлары бойынша суд тәрепинен тийисли шаралар көрилип, уялы телефонлар мәмлекет пайдасына өткерилген.

– Тилекке қарсы, мәнаўиятымызға қарсы қаратылған әне усындай мазмундағы материаллардың республикамыз аймағына кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде бажыхана хызметкерлери тәрепинен Өзбекистан Республикасы аймағына кирип киятырған пуқаралардың уялы қол телефонлары, флешкарта, компьютерлери бажыхана қадағалаўынан өткерилгенинде пуқаралар тәрепинен түрли көринистеги порнографиялық мазмундағы материаллардың республика аймағына алып кириў ҳалатлары ушыраспақта.

Бүгинги күнде порнографиялық мазмундағы материаллардың кирип келиўиниң алдын алыў бойынша тийисли илажлар алып барылыўына қарамастан пуқараларымыз арасында усы нәрсе менен шуғылланып жүргенлер ушыраспақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы пуқараларға, бажыхана нызамшылығына байланыслы ҳалатлар яки бажыхана хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери бойынша 224-02-68 исеним телефонларына қоңыраў етиўи мүмкин,-дейди басқарманың ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары аға инспекторы, бажыхана хызмети аға лейтенанты Ж.Сапарбаев.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-декабрьдеги ПП-5286-санлы Пәрманы менен Өзбекистан Республикасына мәмлекет ҳәм жәмийет дүзилисин изден шығарыў, урысты, терроризмди, басқыншылықты, диний экстремизмди, расизмди үгит-нәсиятлаўшы ҳәм де порнографиялық мазмундағы материалларды алып кириў қадаған етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.