Мәҳәллелерде жумыс нәтийжелилигин дурыс шөлкемлестириў, оларды халықтың жақын мәсләҳәтшиси ҳәм көмекшисине айландырыўға бағдарланған илажларды әмелге асырыў ҳәм мәҳәлле баслықларының басқарыў системасын жетилистириў мақсетинде бир ҳәпте даўамында республикамыздың барлық мәкан пуқаралар жыйынларында «Пуқаралар жыйынлары Кеңеслери жумысларын сапалы шөлкемлестириў механизмлери» атамасында  оқыў семинарлары болып өтти.

Оған Кеңес ағзалары, мәҳәллелердеги жәмийетлик комиссия ағзалары, «Ата-аналар университети», «Қәйин-енелер Кеңеси», «Нураныйлар» жәмийетлик кеңеси, исбилерменликти раўажландырыўға көмеклесиў бойынша мәсләҳәт орайы, «Мәҳәлле сақшысы» жәмийетлик структурасының баслықлары, мәҳәллелердеги профилактика инспекторлары, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелери, жеке меншик турақ жай ширкетлериниң басшылары, тийисли мәкемелер (Бәнтлик, газ, суў, электр, салық, санитария-эпидемиология орайы, «Махсустранс») ҳәм мәҳәллелерге бириктирилген инспекторлар қатнасты.

Өткерилген семинарларда мәҳәлле баслығының жыйын Кеңеси жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўдеги ўазыйпалары, Кеңес жумысында диний-ағартыўшылық ҳәм руўхый әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтшиниң, «Мәҳәлле сақшысы» жәмийетлик структурасы  басшысының ҳәм жуўаплы хаткер хызметиниң тийкарғы бағдарлары, Кеңестиң басқа ағзаларының роли ҳәм әҳмийети айрықша  тилге алынды.

– Семинарларда бүгинги күнде мәҳәлле системасының жумысын және де жеделлестириў ҳәм жумысларына түп-тийкарынан өзгерис киргизиў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен бир қанша нызам ҳәм қарарлар қабыл етилип, олардың орынланыўы бойынша әҳмийетли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы «Мәҳәлле» қорының атқарыўшы директоры Ш.Отемисов. – Әсиресе, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февралдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди нәтийжели шешиўдеги ролин арттырыў, пуқаралар жыйынларының улыўма мәплерин сәўлелендиретуғын ассоциацияға бирлесиў ҳуқықын жүзеге шығарыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар бойынша мағлыўматлар берилип, кең түрде түсиник берилди.

Сондай-ақ, пуқаралар жыйыны Кеңесиниң аймақлардағы сектор баслығы ҳәм оның жумысшы топарлары менен өз-ара бирге ислесиўи, Кеңес жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен ислесиўин еле де жетилистириў, район (қала) лық мәҳәллелер Кеңеси тәрепинен пуқаралар жыйынлары кеңеслери жумысларын шөлкемлестириў процеслерин мўўапықластырыў мәселелери ҳәм алдағы ислениўи тийис басқа да ўазыйпалар белгилеп берилди.

Ушырасыўларда қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип,  қызықтырған ҳәм толғандырып жүрген сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.