Усы жылдың 1-февраль сәнесинен баслап,  «Түйемойын-Нөкис» Мәмлекетлик унитар кәрханасы ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлери ушын пуқаралардың ҳәм мәкеме, кәрхана басшыларының дыққатына жаңа баҳалар белгиленгенлигин мәлимледи.

Пухаралар ушын3 ишимлик суўы ушын 690 сум, 1м3

ақаба суў ушын 540 сум.

Бюджет мәкемелери ушын  1м3 ишимлик суўы ушын 2325 сум, 1м3 ақаба суў ушын 1450 сум.

Басқа кәрханалар ушын3 ишимлик суўы ушын 2325 сум, 1м3

ақаба суў ушын 1450 сум етип белгиленди.

«Түйемойын-Нөкис» басқармасы пуқаралардан ҳәм мәкеме, кәрхана басшыларынан ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлерине болған қарызларын 2018 – жылдың 1- февраль сәнесине шекем, ҳәрекет етип турған баҳаларда есапласыўын соранады.

2018-жылдың 1- февраль сәнесинен баслап, хызметлер ушын есап-санаклар жаңа баҳаларда жүргизилетуғынлығын ескертеди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-апрелдеги «Өзбекистан Республикасы  турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-2900 санлы карары ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15- декабрдеги 05/1-804-санлы тапсырмасына муўапық тастыйықланған 1 м3 (куб) ишимлик суў тарифлерине  20 сум муғдарында Арнаўлы үстеме ҳақы белгиленлигин мәлимлейди.

 

Тәрбия Сейтназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы