Нөкисте 2018-жылға республикамызды раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оны қаржыландырыў мәселесине бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары, қала ҳәм район ҳәкимлери, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары,  ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары С.Нағметов, М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Архитехтура ҳәм қурылыс комитетиниң баслығы Ж.Ембергенов шығып сөйлеп, республикамызды раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм оны қаржыландырыўда енгизилген жаңа тәртип ҳаққында кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, елимизди раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыў бойынша енгизилген жаңа тәртип тийкарында жумысларды шөлкемлестириў мәселелерине бағышланып усы жыл 17-январь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев жоқары экономикалық өсимге ерисиў ҳәм күшли социаллық қорғаўды тәмийинлеўде инвестициялардың зәрүрлигине тоқтап өткен еди. Ҳақыйқатында да, ннвестициялық бағдарламаларға экономикалық жақтан тийкарланған, жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери таяр болған жойбарлардың киргизилиўи айрықша әҳмийетке ийе.

Бул бағдардағы машқалаларды шешиўде Президентимиздиң 2017-жыл 18-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириўдиң ҳәм қаржыландырыўдың жаңа тәртибин енгизиў ҳаққында»ғы, 2017-жыл 20-декабрьдеги «Халықаралық ҳәм шет ел қаржы институтлары менен бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы, усы жыл 8-январьдағы «Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик сатып алыўларын әмелге асырыў, мәмлекетлик бағдарлама шеңбериндеги ҳүжжетлерди қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша комплексли экспертизаның нәтийжели системасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарлары айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Усы қарарларға муўапық, мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген объектлерди қаржыландырыў бир фонд арқалы әмелге асырылса,  жойбарлаў, тендер ҳүжжетлери, импорт шәртнамалары Жойбарларды ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизадан өткериў орайында алып барылады.

Аймақлық инвестициялық жойбарларға жәми 3  триллион 713 миллиард сумлық 453 объекттиң дәслепки дизими таярланып, анық есап-санақлар ислеп шығылды. Раўажланыўдың мәмлекетлик бағдарламасына жойбарлар бойынша үш басқыштан ибарат ҳүжжетлер таярланбақта. Соннан биринши басқышта усы жылдың 1 мартына шекем қала ҳәм районлар, ҳәр бир тараў кесиминде 2019-2029-жылларда әмелге асырылатуғын жойбарлар таярланбақта. Екинши басқышта бул жойбарлардың арнаўлы портфели ислеп шығылып, үшинши басқышта раўажланыўдырыўдың мәмлекетлик бағдарламасының жойбары толық жуўмақланады ҳәм тастыйықланады.

Илажда сондай-ақ, экспорт болжаўының орынланыўы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң қурылысы, инвестиция алып келиў, аўыл хожалығы ҳәм басқада әҳмийетли мәселелер көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.