Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, «Өзбектеатр» дөретиўшилик өндирислик бирлеспеси, елимизде мийман болып турған Өзбек миллий академиялық драма театры дөретиўши жәмәәтиниң белгили өзбек жазыўшысы ҳәм драматург Қ.Нарқабылдың «Тағдир синовлари» («Тәғдир сынақлары») пьесасы тийкарында сахналастырылған спектакльдиң премьерасы болып өтти.

Премьераны Өзбекистанға хызмет көрсеткен артист, Өзбек миллий академиялық драма театрының директоры Ф.Маҳсудов ашты ҳәм алып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Республикалық «Нураний» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекистан халық артистлери Э.Комилов ҳәм Н.Аңсатбаевлар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, өзбек жазыўшысы, драматург Қ.Нарқабыл бизиң китапқумар халқымызға жақыннан таныс. Көп қырлы дөретиўши соңғы пайытларда Өзбек миллий академиялық драма театры сыяқлы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры менен дөретиўшилик бағдарында  тығыз бирге ислесип келмекте. Усы күнге шекем академиялық театрымызда оның турмыстың ҳәр қыйлы көринислерин қамтып алған «Қуяшты сен оятасаң», «Суў көрмей етик шешпе», «Бир бала менен бес ҳаял» ҳәм «Гүл алмаған гөззаллар» шығармалары сахналастырылып, тамашагөйлер тәрепинен жыллы күтип алынды.

Автордың гезектеги «Тағдир синовлари» («Тәғдир сынақлары») спектакли турмысымыздағы ийманы пүтин, әпиўайы инсанлардың ой-пикирлери, арзыў-нийетлери ҳәм лаўазымынан өз мәпине пайдаланыўшы, инсаныйлық пазыйлетинен жырақ, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етпейтуғын айырым басшылардың қыңыр ислери туўралы сөз етеди.

«Ҳақыйқат – ийиледи, бүгиледи, бирақ сынбайды», дегендей ўақыялардың кескин раўажланыўы даўамында бәрибир ҳақыйқат, жақсылық ҳәм пәк сезимлер жеңип шығады.

– Спектакль менде айрықша тәсир оятты, – дейди жазыўшы Ш.Уснатдинов. – автор тәрбиялық әҳмийети жоқары болған шығармадағы шийеленискен ўақыялардың кульминациялық ноқатын жақсы таңлап, оның шешимин өзине тән шеберлик пенен ашып бере алған. Соған жараса таңланған актёр-актрисаларда өзлерине берилген роллерди кәмине келтирип ойнады, деп айта аламан. Әсиресе, бас рольди атқарған Өзбекистан халық артисти Э.Комиловтың актёрлық шеберлигине тән бермей илаж жоқ. Себеби, ол өз образының ишки кеширмелерин, ишки қарама-қарсылықларын психологиялық ҳәрекетлери менен шыңына жеткерип атқара алды.

Жуўмақлап айтқанда, күшли драматизмге қурылған бул спектакльдиң тәрбиялық әҳмийети оғада жоқары болып табылады. Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен артист Н.Маҳмудованың режиссёрлық жумысы менен художник Б.Қурбановтың шеберлиги де шығарманың көркемлигин және де байытқан.

Премьерада Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги