Академик Акмал Саидовтын «Ҳәзрети Зәңги ата» китабы қарақалпақ тилинде 500 данада баспадан шықты.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде китапты таныстырыў мәресими болып өтти. 2015-жылы өзбек тилинде «Шарқ» баспасында жарық көрген китапты Бердақ миллий музейи директоры Шәригүл Пайзуллаева қарақалпақ тилине аўдарма ислеген. Китап «Қарақалпақстан» баспасында жарық көрди.

Китапта тийкарынан уллы шайх, Ҳәзирети Зәңги ата (шын аты Айхожа ибн Тажхожа) туўралы сөз болады. Түркстанның уллы уламаларынан болған бул теберик инсан Хожа Ахмет Яссаўийдиң  устазы Арысланбаптың шаўлығы, Сулайман Бақырғанийдың (Ҳәким ата) шәкирти есапланады. Ол Ҳәким атаның қолында 15 жыл тәлим алған. Ҳәким ата дүньядан өтер ўағында балаларына өзиниң ҳаялы Анбар Ананы «аза мүддети питкеннен кейин Шығыстан бир қарапәрең адам келеди, соған некелейсиз» деп  Айхожа ибн Тажхожаға, яғный Зәңги атаға некелениўин ўәсият етип кетеди.

Ҳәким атаның анасының қәбири де Ташкент қаласындағы Зәңги ата комплексинде мәңги қоным тапқан.

Китапта Зәңги атаның өмирбаяны, шежиреси, устазлары ҳәм шәкиртлери менен бирге, оның бийбаҳа мийрасының Шығыста ҳәм Батыста үйренилиў мәселелери талқыланған, Яссауийя тәлийматындағы дәрежелер, мавзолей ҳәм зыярат орынлары ҳаққында қысқаша мағлыўматлар, жәҳән ҳәм елимиз илимпазларының пикирлери жәмленген.

Қулласы, китап усындай қунлы мағлыўматларға бай.

Кешеде археолог-илимпаз, Өзбекистан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева, Бердақ миллий музейиниң директоры Ш.Пайзуллаева ҳәм қоңыратлы нураный устаз Ө.Ембергеновлар шығып сөйлеп, китаптын мазмуны, жаслардың руўхый ҳәм пикирлеў дүньясын байытыўдағы әҳмийети туўралы айтып,  ата-бабаларымыздың муқаддес зыярат орынларын абаданластырыў бағдарындағы жумысларды буннан былай да күшейтиў лазымлығын атап өтти.

Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы