Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Илимлер академиясының 32 ағзасы сайланған еди. Заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, көп басқышлы сынақлардан өткен жаңадан сайланған академиклер ҳәзирги ўақытта орынларда халық пенен ушырасыўлар өткермекте.

Усындай ушырасыўлар Нөкис каласындағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде академиклер Акмал Саидов ҳәм Нағмет Айымбетовлардың қатнасыўында болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атажан Хамраев шығып сөйлеп, академиклердиң мийнети, жумыс искерлиги, белсендилиги туўралы сөз етти.

Академиклердиң атап өткениндей, илим деп аталған бийик таўдан әсте-ақырынлық пенен жоқарыға қарай көтерилген таланттың ең бәлент шоққысы бул академик болып табылады. Егер илимпазлардың тили менен айтқанда, илимдеги дәрежелерди әскерий атақларға мегзетсек, докторлық ҳәм профессорлық – генераллыққа, ал академик атағын – маршаллық дәрежесине уқсатыў мүмкин.

Биз енди өзимиздиң лабораториямызда ямаса кабинетимизде отырып жумыс ислеп ғана қоймастан, халықтың арасына кирип барамыз. Олар менен пикирлесемиз. Жаслар турмысы менен танысамыз. Жаслар бүгинги академиклерди көрсин.  Олардың жумысына ҳәўес етип, илимге қызықсын. Дәслепки ушырасыўларымызды әйне мектеплерден баслап атырғанымыздың тийкарғы мақсети де усы, – деди академик А.Саидов.

Усындай ушырасыў 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде де болып өтти. Академиклер педагог-оқытыўшылар, оқыўшылар менен сәўбетлести.

Баслаўыш класс оқыўшыларының инглис тилинде еркин сөйлеўи мийманларды тәсийин қалдырды.

 

 М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы