Нөкис қаласы 22-киши районының көп қабатлы турар жайларында супер подъездлер пайда болды.

Ҳәр қыйлы инновациялық идеялары менен көпшиликке танымалы болып атырған нөкислик исбилермен-ойлап табыўшы Рашид Қартбаев өзи басқарыўшы кәрхананың қәўендерлигинде «Темир жол» МПЖ аймағындағы 22-киши районның 1Д жайында оңлаў жумысларын алып бармақта.

«Айдын жол коммунал» ширкетиниң баслығы Б.Бердибаева бул ҳаққында былай дейди:

«Бүгинги күнде 32 хожалық жасаўшы усы жайымыздың турғынлары «Айдын жол коммунал» ширкети болып бирлескен. Айырым қоңсы жайларда кредит есабынан ири оңлаў жумыслары алып барылған еди.

Бизлер де ширкет ағзалары менен келисип жайымызға ири оңлаў жумысларын алып барыў ушын банктен кредит сорап көрген едик. Бирақ, мәселе шешилмей қалып, тағы ойластық. Р.Қартбаев қоңсымыз болғаны ушын ойласықта бар еди. Ол бизге өзи оңлап беретуғынын айтты ҳәм өзиниң кәрханасында шығарылатуғын өнимлер менен подъездлеримизди ремонтлап берди.

Қоңсы жайлардағы ҳәр бир подъезд ушын 7 миллион сум шамасында пул кеткен болса, ал бизиң жайдың ҳәр бир подъездине 3 миллион 200 мың сум шамасында пул жумсады. Ҳәзирги ўақытта Рашид өзиниң кәрханасынан шығатуғын шиферлар менен жайдың басын бастырып атыр. Ҳәзир суйық обои менен ремонтланған бизиң подъездлеримиз басқа қоңсы жайлардың подъездлерине қарағанда оғада сулыў. Сондай-ақ, Р.Қартбаев балаларымыздың ойнаўы ушын карусель де қурып берди. Ҳәммемиз буннан оғада қуўанышлымыз ҳәм миннетдармыз».

Итибарлы тәрепи сонда, бул подъездлердеги суйық обоилар шығындылардан, яғный керек емес деп тасланған шүбереклерди арнаўлы станокларда унталанып таярланған. Идея авторы – Рашид Қартбаевтың өзи.

Еслетип өтемиз, алдынғы мақалаларымызда Р.Қартбаевтың полиэтилен шығындылардан шифер, брусчатка, труба ҳәм т.б. ислеп шығарып атырғанлығы, жапырақтан жай қурып атырғанлығы, тасланды сүйеклерден ун ислеп шығарып атырғанлығы, 7 сотых жерден 70 тонна ғарбыз алыўға таярлық көрип атырғанлығы ҳаққында жазған едик.

Жақыннан баслап Р.Қартбаевтың кәрханасында тасланды автотранспорт шиналарынан пиролиз майын алыў жолға қойылды. Бул ҳаққында толығырақ алдағы ўақытлары мағлыўмат беремиз. Сайтымызды бақылап барың.

Қарақалпақстан хабар агентлиги