Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген илим ғайраткери, филология илимлериниӊ докторы, қарақалпақ әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры кафедрасы профессоры Қурбанбай Қудайназарович Жәримбетовтыӊ 70 жыллық юбилейине байланыслы жас өспиримлер менен жүзбе-жүз әдебий ушырасыў кешеси болып өтти.

1997-жыл, 15-январь. Қыстыӊ аязы. Шымыры суўық. Соған қарамастан қосық шайдалары – студент жаслар Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Студентлер сарайында шайыр Ибрайым Юсуповтыӊ дөретиўшилик кешеси көтериӊки рух пенен өткерилди (кешеге шайырдыӊ өзиниӊ қатнасыўы нәзерде тутылған еди).

2018-жыл, 15-январь. Тап сол 21 жыл бурынғыдай күнниӊ суўығы түске таман жаздырыӊқырап турғаны менен кешке қарай әдеўир қатаятуғыны белгили болып турды. Бул сапары әдебиятшы алым менен ушырасыўды ынтығып күткен оқыўшылар юбиляр менен бирге заманымыздыӊ белгили жазыўшы-шайырлары, илимпаз-оқытыўшылары менен дийдар көристи.

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтыӊ тәнҳә өзи шайырдыӊ атында усындай  мектеп-интернаттыӊ Нөкис қаласында  шайырдыӊ аты менен аталатуғын мектеп-интернат болса, онда ишлерин дүбирлеп турған талантлы өспиримлеримиз оқып билим алса, деген нийетин республикамыз халқы оғада қанаатланыўшылық пенен қабыл еткен еди. Мине бүгин сол әдиўли басламаныӊ ис жүзинде ҳәрекетте екенлигин көрип, мәмлекетимиз басшысыныӊ қарақалпақ көркем әдебиятына, мәдениятына айрықша дыққат аўдарып атырғанынан жыйналған жәмәәт және бир мәрте рийза болды.

Мектеп-интернат директоры Фарахат Палымовтыӊ өзи дәслепкилер қатарында минберден сөз алып, профессор Қ.Жәримбетовтыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик жолы туўралы жыйналғанларға қысқа, бирақ толық мағлыўмат берди. Өзиниӊ де устаздан тәлим алғанын мақтаныш пенен есине алды. Буннан соӊ усы оқыў орныныӊ жас муғаллими Гулшад Атаниязова (ол да устаздыӊ қолынан әдебияттаныў сабақларын алған екен)  алымныӊ илим-ҳәм билимлендириў пидайысы екенлигинен дәрек беретуғын дөретиўшилик жумысларын таллап-талқыланған мазмунлы баянатын оқып берди.

Баянатлардан жыйналғанлар әдеўир мағлыўмат алды-аў дегеннен кейин Қарақалпақстан жазыўшылары аўқамыныӊ баслығы, шайыр Кеӊесбай Кәримов, Қаарқалпақстан Республикасына мийнети сиӊген илим ғайраткери, ҚМУ, «Қарақалпақ тил билими» кафедрасыныӊ профессоры Шәмшетдин Абдиназимов,  «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы, шайыр Халийла Дәўлетназаров, қарақалпақ филологиясы факультетиниӊ деканы, доцент, илимпаздыӊ шәкирти Қонақбай Турдыбаев (ол Қ.Жәримбетовтыӊ илимий басшылығында  «XIX әсирдеги қарақалпақ әдебиятында дидактикалық қосықлар» темасында 2005-жылы кандидатлық диссертациясын жақлаған), шайыр-әдебиятшы Бахтияр Генжемуратов ҳәм басқалар қутлықлаў сөзлерин айтты.

Шығып сөйлеўшилердиӊ гүлләни көрнекли илимпаз бенен дәўирлес, қәлемлес, пикирлес, кәсиплес сыпатында оны жақсы билетуғынын, жақсы көретуғынын, оныӊ қарақалпақ әдебияттаныў илими ушын, ел ушын, халык ушын ислеп атырған мийнетлерине сүйсинетуғынын гә жай сөз бенен, гә қосық қатарлары менен билдириўге ҳәрекет етти.

– Қурбанбай аға Орайлық Азия республикалары ишинде биринши болып Н.А.Кунныӊ 30 баспа табақтан ибарат «Әййемги грек мифлери ҳәм легендалары» деген белгили шығармасын қарақалпақ тилине шебер аўдарып, 1990-жылы баспадан шығарды. Усы шығарма мектеплер ушын қарақалпақ әдебиятын оқытыў бағдарламасына енгизилсе ҳәм оқыўшылардыӊ жасына ылайықлап, ықшамластырылып, баспадан шығарылса күтә жақсы болар еди. Себеби әййемги грек мифлери ҳәм легендалары дүнья мәдениятыныӊ өзеги есапланады, оныӊ үстине мектеп муғаллимлери оқыўшылардыӊ ойын өсириўде әдебий китаплардыӊ жетиспеўшилигинен жәбирленип атыр. Буны, халқымыздыӊ китап оқыў мәдениятын көтериў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип атырған бир ўақытта табыслы шешиўге болады, деп исенемен, – деди Нөкис қаласындағы 15-санлы мектептиӊ жоқары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Разия Нийетова өз сөзинде.

Буннан кейин илим докторы  Қ.Жәримбетов өзиниӊ әдебият илимине қалай келгенин, дөретиўшилик жолын, әдебияттаныў илими алдында турған ўазыйпаларды оқыўшылар ушын да, қәнигелер ушында түсиникли тилде айтып берди.

Оқыўшылардыӊ илимпаз бенен өткерген сораў-жуўаплары қызықлы болды. Олар «Сүйикли шайырыӊыз ким?», «Илимде тосқынлықлар болды ма?», «Қосық жазғанда уйқас пенен мазмунныӊ қандай байланысы бар?», «Кимди өзиӊизге устаз тутқансыз?» деген сыяқлы анық сораўлар берди.

– Мынаў мениӊ сүйикли шайырым ямаса жазыўшым деп бир адамға байланып қалыўға болмайды. Ҳәр қандай жазыўшыныӊ да дөретпесине сын көз бенен қарап үйрениўимиз керек. Оныӊ үстине басқалардыӊ да шығармаларын оқып рәҳәтлениўимиз мүмкин. Қарақалпақ әдебиятыныӊ  үлгилери дүнья әдебиятынан ҳеш те қалыспайды. Мәселен, Ибрайым Юсуповтыӊ қосықлары, Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ романлары, Теӊелбай Сәрсенбаевтыӊ лирикалары, Дәўлен Айтмуратовтыӊ тымсаллары, Узақбай Пиржановтыӊ повестьлери, Шаўдырбай Сейтовтыӊ шығармалары, Алпысбай Султановтыӊ новеллалары, Кеӊесбай Кәримовтыӊ, Минайхан Жуманазарованыӊ, Бахтыяр Генжемуратовтыӊ, Халийла Дәўлетназаровтыӊ қосықларыныӊ дүнья әдебиятынан ҳеш те кем жери жоқ. Көркем әдебиятымыздыӊ усындай бай дүньясын көрсетип бериўгебиз әдебиятшылар көбирек  умтылыўымыз тийис, – деп атап көрсетти юбиляр.

Усы тақлеттеги берилген жуўаплар жыйналған үлкен-киши әўладлар арасында әдебияттаныў илиминде, көркем әдебиятты оқытыўда ҳәм оны ғалабаға пропагандалаўда басы ашық мәселелердиӊ бар екенлигинен дәрек берер еди…

Буннан кейин мектеп-интернат оқыўшыларына нәўбет берилди. Олар тийкарынан Ибрайым Юсуповтыӊ қосықларын гә саз бенен, гә тақмақлап оқып, өз өнерлерин көрсетиўге умтылды. Жыйналғанлар олардыӊ интасына ҳәм өспирим жаслардыӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебиятыныӊ, миллий мәдениятыныӊ жанкүйерлери болып жетилисип атырғанына қайыл қалды.

Мәжилисти Қарақалпақстан халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов басқарып барды ҳәм әдебиятшы алымныӊ илимий-педагогикалық хызметлери ушын миннетдаршылық билдирди.

 

Тамара Машарипова,

 журналист.