Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары хызметиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў шеңберинде бирқанша жумыслар әмелге асырып келинбекте.

Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатнамасынан келип шыққан ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша жақында бюро рәсмийлери Қарақалпақстан телевидениеси арқалы «Халық пенен жүзбе-жүз» көрсетиўинде қатнасты.