Ҳүрметли әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиздиң хызметкерлери ҳәм ветеранлары!

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 26 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Бул қутлы сәне елимизде ўатанды сүйиўшилик, ана-ўатанмызға садықлық, мәртлик ҳәм ерлик сыяқлы жақсы қәдриятларды, халқымызға, уллы бабаларымыздың мүнәсип мийрасқорларына тән болған жоқары пуқаралық пазыйлетлерин өзинде жәмлейтуғын шын мәнисиндеги улыўма халықлық байрамына айланды.

Ҳәзирги күнде дүньяда алдын ала айтыў қыйын болған жағдай ҳүким сүрип атырған қурамалы бир шараятта елимиздиң қәўипсизлигин ҳәм аймақлық пүтинлигин, жәмийетимизде тынышлықты және татыўлықты тәмийинлеў қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин терең аңлаған ҳалда, биз 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыў бойынша қабыл еткен Ҳәрекетлер стратегиясында елимиздиң қорғаныў потенциалын буннан былай да беккемлеўди ҳәм Қураллы Күшлеримизди раўажландырыўды тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиледик.

Усы Стратегия тийкарында биз өткен жыл даўамында елимиз турмысының басқа да тармақлары қатарында әскерий қурылыс тараўында көплеген ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли мәселелер бойынша анық илажларды ҳәм ҳәрекетлерди нәзерде тутатуғын қарарлар қабыл еттик, оларды әмелге асырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестирдик.

Усы тәризде қысқа ўақыт ишинде анық нәтийжелерге еристик, Қураллы Күшлеримиздиң келешектеги келбетин белгилеп беретуғын стратегиялық принциплер ҳәм әне, сол мақсетке ерисиўге қаратылған кең көлемли комплексли илажларды ислеп шығыўға миясар болдық.

Бәринен бурын, сыртқы сыясатымыздың бейимлесиўшеңлигин ҳәм ашық-айдынлығын, қоңсыларымыз бенен дослық және әмелий қатнасықларды раўажландырыў, Ўатанымыздың ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин сақлаў ең тийкарғы ўазыйпа екени ҳаққындағы принциплер тийкарында Өзбекистан Республикасының Қорғаныў доктринасы жаңаланған ҳалда қабыл етилди.

2017-жылы Миллий гвардия ҳәм Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилди, әскерий округлердиң структуралық дүзилиси ҳәм ўазыйпалары түп-тийкарынан қайта көрип шығылды, әскерлерди басқарыў системасы жетилистирилди, оларды басқышпа-басқыш заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинлеў бойынша әҳмийетли қәдем тасланды.

Елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў, жасларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, армия ҳәм халық бирлигин тәмийинлеў бағдарында орынлардағы мәмлекетлик уйымлардың ролин арттырыў бойынша жумыслар пүткиллей жаңа сапа басқышына көтерилди.

Ҳәр бир аймақта әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди, оларға тиккелей басшылық етиў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшыларына жүкленди.

Жетилисип киятырған жас әўладтың қәлбинде беккем турмыслық позиция ҳәм ўатанымыз тәғдири ушын жоқары жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў мақсетинде ўатанды сүйиўшилик тәрбиясы тараўында мазмун-мәнисине бола бийтәкирар система жаратылып, оның шеңберине елимиз халқының кең қатламлары қамтып алынды.

Өзбекистан жаслар аўқамының шөлкемлестирилиўи ҳәм Қураллы Күшлер системасында оның бирлемши структураларының жумысы жолға қойылыўы елимизде жас әўладтың мәплерин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлеримиздиң логикалық даўамы болды.

Әскерий хызметкерлерди, олардың шаңарақ ағзаларын ҳәм ветеранларды социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша өзиниң көлеми менен дәрежесине бола мисли көрилмеген илажлар әмелге асырылмақта. Аймақлармызда узақ мүддетли, жеңилликли кредитлер бериў тийкарында көп қабатлы турақ жайлар басқышпа-басқыш қурылмақта. Биз бул жумысларды турақлы түрде даўам еттиремиз.

Қәдирли дослар!

Әмелге асырып атырған ис-ҳәрекетлеримиз, армия ҳәм халықтың белсенди бирге ислесиўи нәтийжесинде Қураллы Күшлеримиз шын мәнисинде жәмийеттиң ажыралмас бөлегине, елимиздеги турақлылықтың ҳәм раўажланыўдың исенимли кепилине, жасларды ҳәм әскерий хызметкерлерди ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдың әҳмийетли институтына айланып бармақта.

Ҳәзирги ўақытта халықаралық терроризм ҳәм экстремизм қәўпиниң барған сайын артып атырғаны, дүньяның айырым регионларында қураллы соқлығысыўлар даўам етип атырғаны, қәўетерли жағдай ақланып атырғаны Өзбекистанның турақлы раўажланыўына қәўип туўдырмай қоймайды, әлбетте. Булардың барлығы алдымызда пайда болып атырған қәўип-қәтерлерге мүнәсип соққы бериўге бәрқулла таяр болыўды талап етеди.

Усы мүнәсибет пенен Қураллы Күшлерди буннан былай да раўажландырыў, оның жаўынгерлик таярлығын ҳәм қәбилетин арттырыў турақлы дыққат-итибарымыздың орайында болады ҳәм мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып қалады. Биз әне, усы ўазыйпаларды әмелге асырыўда Қураллы Күшлер, әскерий округлер сәркардалығы ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының белсенди позициясына сүйенемиз.

Ҳүрметли әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиздиң хызметкерлери ҳәм ветеранлары!

Мине, усы байрам күнинде сизлердиң жаўынгерлик мийнетиңиз өткен жыллар даўамында Қураллы Күшлеримиздиң абырой-мәртебесин арттырыўға үлкен үлес болып қосылғанын айрықша атап өтиўди зәрүр, деп билемен.

Әйне сизлердиң ис-ҳәрекетлериңиз бенен Өзбекистан миллий армиясы жедел раўажланбақта, оның жаўынгерлик қәбилети ҳәм таярлығы избе-из артып бармақта, елимиздиң қорғаныў қүдирети беккемленбекте, халқымыздың тыныш-татыў турмысы тәмийинленбекте.

Сиз, әзизлерди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды Қураллы Күшлеримиз шөлкемлестирилгениниң 26 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Әзиз Ўатанымызды қорғаўдай оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаўда бәршеңизге үлкен табыслар, шаңарағыңызға ығбал-бахыт тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы